Коррупцияның алдын алыўға байланыслы илаж өткерилди

8

БМШ Бас Ассамблеясының 2003-жыл 21-ноябрьдеги резолюциясына муўапық, 2004-жылдан баслап “9-декабрь – Пүткил жер жүзилик коррупцияға қарсы гүресиў күни” (International Day Against Corruption) сыпатында белгиленип келинбекте.

Бул күнди белгилеўден мақсет – коррупция машқаласының түп мәнисин түсиниў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў және оның алдын алыўдан ибарат.

Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасында 9-декабрь – Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күни мүнәсибети менен “Ашық есиклер күни” ушырасыўы шөлкемлестирилди.

Ушырасыўда тараў қәнигелери, ҳуқық қорғаў уйымлары қәнигелери, исбилерменлер, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Ушырасыўда қатнасыўшыларға тараўдағы жаңалықлар, жеңилликлер, салық төлеўшилерге көрсетилип атырған хызметлер бойынша мағлыўматлар берилди. Сондай-ақ, салық уйымларында “кәрхана кесиминде” ҳәм “мәҳәлле кесиминде” ислесиў системаларының жумыс нәтийжелилиги бойынша да мағлыўматлар атап  өтилди.

Атап өтилгениндей, елимизде коррупцияға қарсы гүресиў және оның алдын алыў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасының 2017-жыл 3-январьдағы “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилди. Бул Нызамның мақсети коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат. Онда тийкарғы түсиниклер берилип, Коррупция – шахстың өз лаўазымы ямаса хызмет дәрежесинен жеке мәплери ямаса басқа шахслардың мәплери жолында материаллық ямаса материаллық емес пайда алыў мақсетинде нызамға қайшы түрде пайдаланыўы, сондай-ақ бундай пайданы нызамға қайшы түрде усыныўы, деп көрсетилген. Ал, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлық – коррупция белгилери болған, исленгени ушын нызамшылықта жуўапкершилик нәзерде тутылған қылмыс, деп берилген. Мәплер соқлығысыўы – жеке (тиккелей ямаса тиккелей емес) мәпдарлық шахстың лаўазым яки хызмет ўазыйпаларын тийисли дәрежеде орынлаўына тәсир көрсетип атырған ямаса тәсир көрсетиўи мүмкин болған ҳәм жеке мәпдарлық пенен пуқаралардың, шөлкемлердиң, жәмийеттиң ямаса мәмлекеттиң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплери арасында қарама-қарсылық жүзеге келип атырған ямаса жүзеге келиўи мүмкин болған жағдай, деп көрсетилген.

Коррупцияға қарсы гүресиўдиң тийкарғы принциплери нызамлылық, пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплериниң үстинлиги, ашық-айдынлық, системалылық, мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийетиниң бирге ислесиўи, коррупцияның алдын алыўға байланыслы илажлардың үстинлиги, жуўапкершиликтиң сөзсизлиги болып есапланады.

Қарақалпақстан Республикасы салық басқармасы Жеке қәўипсизлик бөлими тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы салық хызмети уйымларының жеке қурамы менен усы жылдың өткен дәўири даўамында 95 мәрте коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў бойынша ҳәр қыйлы темаларда ушырасыўлар ҳәм дөгерек сәўбетлесиўлери шөлкемлестирилген. Бул өткерилген илажлардың 65 и ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери менен биргеликте өткерилип, 8338 жағдайда хызметкерлер менен профилактикалық сәўбетлесиўлер өткерилген ҳәм тилхатлар алынған.

Салық басқармасының Жеке қәўипсизлик бөлими тәрепинен 2025-жылдың өткен дәўири даўамында салық хызмети уйымлары хызметкерлериниң ҳәрекетлери бойынша 74 жағдайда хызмет тексериўлери ҳәм 74 жағдайда хызмет үйрениўлери өткерилген. Өткерилген хызмет тексериўлери ҳәм хызмет үйрениўлери нәтийжесинде, жәми 109 жағдайда интизамый шаралар қолланылған. Өткерилген жәми 148 хызмет тексериўи ҳәм хызмет үйрениўлери нәтийжесинде топланған ҳүжжетлерден 92 си қадағалаў тәртибинде көрип шығылып, ҳуқықый баҳа бериў ушын ҳуқық қорғаў уйымларына жиберилген.

Жеке қәўипсизлик бөлими тәрепинен басшылыққа киргизилген коррупциялық түрдеги билдириўлерге тийкарланып өткерилген хызмет тексериўлери нәтийжесинде 5 жағдайда ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен жынаят ислери қозғатылған.

Ушырасыўда көпшиликке өрнек болып жумыс алып барып атырған бир қатар исбилерменлерге салық төлемлерин өз ўақтында төлеп барғаны, жоқарғы көрсеткишлерге ерисип киятырғаны ҳәм басқа да бирге ислесиўлердеги белсендилиги ушын басқарма баслығының «Алғыснама»лары тапсырылды.

Илажда студент-жаслар салық хызмети уйымлары хызметкерлериниң жумыслары менен танысып, қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги