Ҳаял-қызлардың ҳуқықый саўатлылығы арттырылды

60

Бозатаў районы Мәмлекетлик хызметлер орайы имаратында “Зорлыққа қарсы 16 күн” акциясы шеңберинде “Биз зорлыққа қарсымыз!” атамасында үгит-нәсият илажы шөлкемлестирилди.

Илажға районлық Ишки ислер бөлиминиң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша аға инспекторы Р.Алимова, районлық “Инсан” социаллық хызметлер орайы хызметкерлери қатнасып, ҳаял-қызлардың ҳуқықый мәдениятын арттырыў, зорлықтың ҳәр қандай көринисиниң алдын алыў ҳәм шаңарақларда саламат руўхый орталықты қәлиплестириў бойынша түсиндириў жумысларын алып барды.

Сондай-ақ, өткерилген илаж даўамында қатнасыўшыларға басым ҳәм зорлықтың алдын алыў, оның ақыбетлери, қорғаныў ордерин алыў тәртиби, машқалалы жағдайлар жүзеге келгенде қайсы шөлкемлерге мүрәжат етиў мүмкин екенлиги ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.

Өз гезегинде аймақ ҳаял-қызлары тәрепинен қәнигелерге сораўлар берип, оларға тийисли жуўаплар алды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы