«Ҳудудгаз Қарақалпақстан»: Тахтакөпирдеги 7 пуқаралар жыйынының газ тәмийнаты жақсыланды

Тутыныўшыларға үзликсиз түрде тәбийғый газ жеткерип бериў «Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалының тийкарғы ўазыйпаларынан саналады.
Филиал тәрепинен халыққа өз ўақтында тәбийғый газ жеткерип бериўдиң сапасын және де жақсылаў мақсетинде жылытыў мапазы дәўиринде тәбийғый газ жетип барыўы қыйын, машқалалы аймақлар алдын ала үйренилип, олар мәнзилли бағдарламаға киргизилип қурылыс-оңлаў, реконструкциялаў жумыслары режелестирилген.
2025-2026-жылғы гүзги-қысқы мәўсимге пуқта таярлықлар көриў ушын филиалдың барлық қалалық ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен қурылыс-оңлаў басқарамасы менен биргеликте орынларда белгилеп алынған реже-график тийкарында газ тармақларын мәўсимге таярлаў жумыслары алып барылды.
– 5672 жеке тутыныўшы ҳәм 94 көтере тутыныўшылар жайласқан Тахтакөпир районында да 2025-2026-жылғы гүзги-қысқы мәўсимге таярлық көриў мақсетинде ири оңлаў, қурылыс, реконструкциялаў жумыслары алып барылды, – дейди Тахтакөпир районлық газ тәмийнаты бөлиминиң баслығы Алишер Андигенов.
Райондағы Тахтакөпир, Ғәрезсизлик, Айдын жол, Дәўир, Атакөл, Ағытай Әдилов ҳәм Мүлк аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары аймақларындағы тутыныўшыларды тәбийғый газ бенен тәмийинлеп турған д-273 мм.лик жер асты газ тармағы тозыўы жетип аймақ турғынларына гүзги-қысқы мәўсимде тәбийғый газ басымы менен байланыслы машқалаларды пайда етип атыр еди. Усы машқалаларды сапластырыў ҳәм халыққа үзликсиз түрде тәбийғый газ жеткерип бериўди жақсылаў мақсетинде жәми 4,1 километрлик газ тармақларын реконстркциялаў жумыслары алып барылды.



Жер астындағы газ тармақлары жердиң үстине шығарылып, жаңадан д-219 мм.лик газ тармақлары тартылды. Нәтийжеде усы аймақтағы тутыныўшылардың газ тәмийнаты жақсыланыўына ерисилди.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги