Студентлер менен Конституцияға бағышланған илаж өткерилди

61

Нөкис мәмлекетлик техника университетинде 8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн ҳәм Бас Нызамымыздың 33 жыллығына бағышланған салтанатлы илаж болып өтти. Бул илаж жас әўладтың ҳуқықый саўатлылығын арттырыў, оларды белсенди пуқара сыпатында қәлиплестириў ҳәм Ўатанымыздың раўажланыўына өз үлесин қосыў сезимин күшейтиўге қаратылған әҳмийетли қәдем болды.

Илаж Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлериниң атқарылыўы менен басланды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Мурат Атамуратов, Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының аға инспекторы Бегдияр Утебаев, Миллий гвардия Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы баслығының орынбасары Умиджон Авезов, сондай-ақ, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Илажда шығып сөйлеген қәнигелер Конституцияның ҳәр бир пуқара ушын турмыслық әҳмийетке ийе қағыйдалары, жаңа редакциядағы нормалардың мазмун-мәниси ҳәм олар арқалы беккем ҳуқықый мәмлекет қурыўда қойылған қәдемлер ҳаққында тоқтап өтти. Атап айтқанда, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери тараўындағы реформалар мәмлекетти демократиялық раўажланыўдың жаңа басқышына алып шыққаны айрықша атап өтилди. Бас нызамда “инсан – жәмийет – мәмлекет” принципиниң үстинлиги бүгинги мәмлекетлик сиясатта инсан мәпи биринши орында туратуғынын көрсетеди.

– Жаңа редакциядағы Конституция пуқаралардың ҳуқықый санасын арттырыў, жасларымызды ҳуқықый белсендиликке шақырыў ҳәм оларды жоқары мақсетлерге умтылыўға ийтермелеўде әҳмийетли қурал болып есапланады, – деди университеттиң оқыў ислери бойынша проректоры Р.Өтениязов. – Себеби ҳәр бир инсан өз ҳуқықларын аңлап, пуқаралық жуўапкершилигин түсинип жүрсе, бул мәмлекетимизде нызам үстинлиги ҳәм демократиялық принциплердиң беккемлениўине хызмет етеди.

Илаж жуўмағында мәмлекетимизде жаслар ушын жаратылып атырған кең имканиятлар, олардың билим, шеберлик ҳәм жетик инсан сыпатында камалға келиўинде Конституцияның белгилеп берген нормалары әҳмийетли тийкар болып хызмет етип атырғаны атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги