“Эл-юрт умиди” қоры стипендия таңлаўының нәтийжелери жәрияланды

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Перспективалы кадрларды таярлаў бойынша “Эл-юрт умиди” қорының 2025-жыл 2-ашық стипендия таңлаўы шеңберинде тест сынақлары өткерилди.
Қордың мәлимлеме хызметинен мәлим етиўинше, барлық процесслер ашық-айдынлық, теңлик ҳәм инклюзивлик принциплери тийкарында шөлкемлестирилди.
Екинши ашық стипендия таңлаўы шеңберинде 12-26-ноябрь күнлери ҳүжжетлерди қабыл етиў тек ғана ONE ID миллий санлы идентификация системасы менен интеграцияланған онлайн платформа арқалы әмелге асырылды.
Ҳүжжетлерди қабыллаў дәўиринде платформада 6 мыңнан аслам пайдаланыўшы дизимнен өтти, бул болса жәмийетшилик арасында үлкен қызығыўшылық оятқанын көрсетти.
Ҳүжжет тапсырғанлардың 59 проценти бакалавр, 34 проценти магистратура ҳәм 7 проценти докторантура тәлим бағдары бойынша дүньяның “Топ-300” университетлеринен қабыллаў хатларын алған.
Талабанлар 21 мәмлекеттеги университетлерден қабыллаў хатларын алған. “Топ-5” мәмлекетлер қатарында – Уллы Британия, АҚШ, Австралия, Италия ҳәм Қубла Корея бар.
2-ашық стипендия таңлаўы ушын 277 квота ажыратылған болып, соннан 105 и бакалавриат, 122 си магистратура, 50 и докторантура бойынша бөлистирилген.
Таңлаў комиссиясы тәрепинен дәслепки таңлаўдан табыслы өткен 480 ден аслам талабанның гезектеги басқышта қатнасыўына руқсат берилди.
Тест сынақлары Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлиги тәрепинен өткерилди. Тестлер талабанлардың интеллектуаллық потенциалын, аналитикалық ҳәм сын көзқарастан пикирлеў қәбилетин, психологиялық турақлылығын баҳалаўға қаратылды.
Талабанларға қолайлық жаратыў мақсетинде оларға тест сынақларында офлайн (егер Өзбекстан аймағында болса) ҳәм онлайн (егер шет елде болса) түринде қатнасыў имканияты берилди. Буннан тысқары, тест тапсырыў пунктлери тек ғана Ташкент қаласында емес, ал Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда да шөлкемлестирилди. Бул талабанларға тиккелей өз аймақларында сынақтан өтиў арқалы ўақыт ҳәм қаржыларын үнемлеў имканиятын берди.
Тест сынақларында 315 талабан қатнасты, олардан 155 и тест ушын белгиленген ең жоқары – 100 баллдан кеминде 61 балл топлап, сәўбетлесиў басқышына табыслы өтти.
Сондай-ақ, 148 талабан 1-ашық стипендия таңлаўы шеңберинде тест сынақларынан азат етилди. Таңлаў режесине муўапық, таңлаўдың биринши басқышынан табыслы өткен ҳәм белгиленген мүддетте өзиниң академиялық потенциалын тастыйықлаўшы әмелдеги халықаралық сертификатларды (SAT, GRE, GMAT, А-Level) усынған талабанлар тест сынақларынан азат етиледи. Олар кейинги басқыш – сәўбетлесиўде қатнасыў ҳуқықын қолға киргизди.
Еслетип өтемиз, “Эл-юрт умиди” қоры 2025-жыл 1-ашық стипендия таңлаўының нәтийжесине бола, 173 талабан “Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Эл-юрт умиди” стипендиясы жеңимпазы” деп тән алынды. Олардың 70 проценти дүньяның “ТОП – 100” дизиминдеги университетлерине кирген жаслар болып есапланады. Бул стипендиатлардың сапа жағынан жаңа қурамы.
Қатаң мийнет етип, өз үстинде ислеп, дүньяның ең жақсы университетлери – Кембридж, Пенсильвания, Сеул миллий университети, Нью-Йорк, Лондон, Гонконг, Дюк университетлери сыяқлы абырайлы жоқары оқыў орынларына кириўге ерискенлер қоллап-қуўатланды.
Н.Абдураимова, ӨзА