АҚШ диний еркинликке қарсы жынаятларға байланыслы шахсларға виза бериўди тоқтатады

12

АҚШ мәмлекетлик хаткери Марко Рубио Вашингтон диний еркинликке қарсы қаратылған жынаятлар ҳәм ҳуқықбузарлықларға байланыслы шахсларға визалар бериўди шеклейтуғынын мәлим етти. Ол бул ҳаққында Х (Twitter) социаллық тармағында жазды.

– АҚШ Нигерияда ҳәм пүткил дүнья бойлап христианларға қарата исленип атырған жаўызлықлар ҳәм зорлықларға қатаң жуўап илажларын көрмекте. Мәмлекетлик департамент диний еркинликке қарсы жынаятларды билқастан басқаратуғын, жол қоятуғын, қаржыландыратуғын, қоллап-қуўатлайтуғын ямаса әмелге асыратуғын шахсларға виза бериўди шеклейди, – деп жазған Рубио.

Бул шеклеўлер биринши гезекте Нигерияға қаратылған болса да, олар дүньяның қәлеген мәмлекетине тийисли болған шахсларға да әмел етеди.

Ноябрь айында АҚШ президенти Дональд Трамп Нигерияда христианларды қорғаў мақсетинде Пентагонга итималлы күш қолланыў илажларын таярлаў бойынша тапсырма берген еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги