D-med бағдарламасының коррупцияның алдын алыўдағы нәтийжеси

54

Соңғы жыллары елимизде Президентимиз басшылығында Коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында бир қатар унамлы ислер әмелге асырылмақта. Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен өткерилген Коррупцияга қарсы гүресиў бойынша Миллий кеңесинде белгилеп берилген ўазыйпалар шеңберинде Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги ҳәм «Адолат» социал-демократиялық партияси тәрепинен «10-ноябрь-10-декабрь күнлери аралығы республикамызда Коррупцияға қарсы гүресиў айлығы» деп жәрияланды.

Айлық шеңберинде елимиздеги денсаўлықты сақлаў шөлкемлеринде “Денсаўлықты сақлаў системасын “коррупциясыз тараў”ға айландырыў – тийкарғы ўазыйпамыз!” сүрени астында үгит-нәсият илажлары өткерилмекте.

Усындай ағартыўшылық илажы Нөкис қаласындағы 8-санлы шаңарақлық поликлиникасында да өткерилип, оған Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң жуўапкер ўәкиллери, медицина хызметкерлери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң бас юрисконсульты Жийенбай Алланиязов, министрликтиң Мүрәжатлар менен ислесиў бөлими бас қәнигеси, тараўда коррупцияға қарсы ишки қадағалаў структурасы хызмет ўазыйпаларын орынлаўшы Роза Қайпназаровалар шығып сөйлеп, пүткил елимиз бойлап өткерилип атырған айлықтың әҳмийети ҳәм бул бағдарда жүргизилип атырған жумыслар ҳаққында илаж қатнасыўшыларына түсиниклер берди.

Соңынан ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын поликлиникада пресс-тур шөлкемлестирилип, олар денсаўлықты сақлаў тараўында инсан факторын азайтыў мақсетинде, бирлемши медициналық хызметке заманагөй технологияларды енгизиў бойынша алып барылып атырған, жумыслардың барысы менен жақыннан танысты.

– Поликлиникамыз Нөкис қаласындағы 40 мыңнан аслам халыққа медициналық хызмет көрсетеди, – дейди  8-санлы шаңарақлық поликлиника бас шыпакериниң орынбасары Зульфия Исмайылова. – 2024-жылдың 10-февраль күни жаңадан қурылып пайдаланыўға тапсырылған поликлиникамыз барлық керекли әсбап-үскене ҳәм әнжамлар менен толық тәмийинленген. Әсиресе, турғынларымыз ушын поликлиникамызда D-med электрон бағдарламасының иске түсиўи, тараўда қағазпазлықты азайтыў ҳәм коррупцияның алдын алыўда әҳмийетли орын тутпақта.

Илаж даўамында журналистлер тараў хызметкерлерине сораўлар берип, оған тийисли жуўаплар алды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшы