Жас спортшыларымыз арнаўлы номинация менен сыйлықланды

7

Кеше Ташкент қаласында өткерилген «Президент Олимпиадасы» жарысы өз жуўмағына жетти.

Жарыстың ең соңғы күни болып өткен спорттың баскетбол 3×3 ҳәм дзюдо бойынша финаллық беллесиўлер республикамыздың жас спортшылары ушын оғада әўметли келди. Атап айтқанда, қызлар арасында баскетбол 3×3 бойынша өткерилген беллесиўлерде республикамыз сайланды командасы Ферғана ўәлаяты қызларын жеңип шығып, алтын медаль ийесине айланды. Ал, дзюдо бойынша ең аўыр +90 кг салмақта беллесиўлерге түскен үмитли спортшымыз Ерсултан Толыбаев финалға шекем жетип келип, гүмис медаль менен сыйлықланды.

Сондай-ақ, кеше Олимпиада қалашасында  «Президент Олимпиадасы» жарысының жабылыў мәресими өткерилип, онда Қарақалпақстан Республикасы спорт делегациясы «Жеңиске болған жоқары жигери ҳәм командалық тилеклеслиги ушын» номинациясы менен сыйлықланды.  Сыйлықты Қарақалпақстан Республикасы Спорт министри Еркинбай Қутыбаев қабыллап алды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшы