Реформаларымыздың нәтийжеси барлық ўәлаятлар қатарында Сырдәрьядағы үлкен өзгерислерде де айқын көринбекте – Президент

9

Президент Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында Халық депутатлары Сырдәрья ўәлаяты Кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтпекте.

– “Инсан қәдири ушын” деген ийгиликли идея тийкарында әмелге асырып атырған реформаларымыздың нәтийжеси барлық ўәлаятлар қатарында Сырдәрьядағы үлкен өзгерислерде де айқын көринбекте.

Алдын тийкарынан аўыл хожалығына байланыслы болып қалған бул жерде санаат, сервис, туризм жоқтан бар болды, бизнес орталығы жақсыланып, алдынғы исбилерменлер класы қәлиплести, -деди мәмлекетимиз басшысы.

Сегиз жылда Сырдәрьяға 4 миллиард доллар инвестиция киргизилди. Бул дәўирде 187 ири қуўатлықлар иске қосылды, 120 мың жумыс орны жаратылды. 50 ге шамалас жаңа өним ислеп шығарыў жолға қойылып, санаат 4 триллион сумнан 25 триллион сумға жетти.

Мыңлаған саўда-сервис объектлериниң шөлкемлестирилгени нәтийжесинде хызметлер көлеми 1,5 триллион сумнан 12 триллион сумға артты.

Алдын дотациялы болған Гүлистан, Янгиер қалалары, Боёвут, Мырзабад, Сайхунабад, Сырдәрья ҳәм Ховос районлары қәрежетти өзи қаплаўға өтти.

ӨзА