Өзбекстанда ЖИ технологияларын ислеп шығыўда этика қағыйдалары енгизиледи

11

Өзбекстанда жасалма интеллект технологияларын ислеп шығыў ҳәм қолланыўдағы этика қағыйдалары ҳәм принциплери тастыйықланады. Бул бойынша уйымлық буйрық жойбары жәмийетшиликтиң додалаўы ушын жәрияланды.

Буйрық жойбары менен төмендегилерди нәзерде тутатуғын Этика қағыйдалары тастыйықланбақта:

– нызамлылық;

– шахс, жәмийет ҳәм мәмлекет ҳәм қоршаған тәбийий орталық мәплерин қорғаўдың үстинлиги;

– түсиниклилик;

– ЖИ системаларының бәрқулла инсан қадағалаўы астында болыўы;

– сәйкеслик;

– жуўапкерлик;

– әдиллик ҳәм кемситиўге жол қоймаў;

– ашық-айдынлық;

– мағлыўматларды қорғаў;

– исенимлилик ҳәм қәўипсизлик;

– хабардарлық ҳәм саўатлылық.

Соның менен бирге, Этика қағыйдаларында жасалма интеллект технологияларын тәртипке салыўшы ўәкилликли уйым ҳәм жасалма интеллект технологиялары тараўының басқа қатнасыўшыларының ҳуқықлары менен миннетлемелери белгиленбекте.

Атап өтилиўинше, жасалма интеллект технологияларының технологиялық қурамалылығы ҳәм автономиясы, олардың жедел раўажланыў факты және қәўип-қәтерлерди анықлаўдың имканияты болмағанлығы себепли Этика қағыйдаларын ислеп шығыўда инсан ҳәм мәмлекеттиң тийкарғы ҳуқықларына зыян жеткермеў шәрти тийкар сыпатында қолланылған.

Мәлим етилиўинше, Этика қағыйдалары ҳәм принциплерин ислеп шығыўда бир қатар мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң тәжирийбелери ҳәр тәреплеме үйренип шығылған. Соның ишинде, БАӘниң Жасалма интеллект министрлиги ҳәм Индонезияның Коммуникациялар ҳәм санластырыў министрлиги тәрепинен тастыйықланған, соның менен бирге, ЮНЕСКО, Европа Аўқамы, Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми сыяқлы халықаралық ҳүкиметлераралық шөлкемлер тәрепинен де Этика қағыйдаларын тастыйықланған ҳүжжетлер үйренилген.

Ҳүжжет пенен жасалма интеллект қатнасыўшыларының (ислеп шығыўшы, енгизиўши, тәртипке салыўшы ҳәм пайдаланыўшылар) жуўапкершилиги ЖИ системаларын ислеп шығыў, енгизиў, тәртипке салыў ҳәм пайдаланыў инсан ҳуқықлары, еркинликлери, оның өмири ҳәм денсаўлығы, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қәўипсизлик және қоршаған орталыққа зыян жеткерилиўине алып келиўи әмелдеги нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық жуўапкершиликке тартыў ушын тийкар болыўы белгиленбекте, -деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги