Президентимиз мәҳәлледеги дөретиўшилик пенен танысты

119

Президент Шавкат Мирзиёев Сырдәрья ўәлаятына сапары даўамында Гүлистан қаласы Бостан мәҳәллесинде әмелге асырылған дөретиўшилик жумысларын барып көрди.   

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “2023-2025-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы қарарының орынланыўы шеңберинде мәҳәлледе бир қатар жумыслар исленди.

Аймақтағы 48 көп қабатлы жай ағымдағы оңланды, сыртқы тәрепи базальт пенен қапланды. Ыссылық тәмийнатын жақсылаў мақсетинде 18 миллиард сум есабынан заманагөй қазанхана ҳәм 3,3 километр ыссылық тармақлары қурылды.

Көп қабатлы турақ жайларда 23 жеке ыссылық пунктлери орнатылып, “жабық” система шөлкемлестирилди. Жергиликли бюджет қаржылары есабынан аймақтағы 800 квартиралы 20 көп қабатлы турақ жайдың ишки ыссылық системалары қайта тикленди. 1 бақша орайласқан ыссылық энергиясы ҳәм ыссы суў менен тәмийинленди.

Жаңа қазанхананың қурылысы нәтийжесинде 144 мың киловатт-саат электр ҳәм 627 мың куб метр тәбийғый газ үнемленеди.

Президентимиз көп қабатлы турақ жайларда жасайтуғын халық ушын қолайлы шараят жаратыўға қаратылған бул жумысларды даўам еттириў, қазанханаларды қурыў ҳәм олардан пайдаланыўда заманагөй технологияларды қолланыў, маман қәнигелерди тартыў бойынша зәрүр көрсетпелер берди.

Усы жердиң өзинде “жетилик” ўәкиллери ҳәм нураныйлар менен мәҳәлле ҳәм ўәлаят турмысында болып атырған өзгерислер ҳаққында сәўбет болды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Сырдәрья ўәлаятында инфраструктураны раўажландырыўға байланыслы қарары тийкарында аймақта 215 көп қабатлы жайды қамтып алған арнаўлы мәнзилли дизим қәлиплестирилген. Бул бағдарлама шеңберинде турақ жайлардың төбе ҳәм фасад бөлимлерин оңлаў, ыссылық тәмийнатын жақсылаў, инженерлик коммуникация тармақларын жақсылаў ҳәм қоршаған орталықты абаданластырыў жумыслары режелестирилген.

ӨзА