«Қыят» мәҳәллесинде де жаңа спорт майданшасы пайдаланыўға тапсырылды

Елимизде соңғы жылларда әмелге асырылып атырған кең көлемли қурылыс, абаданластырыў жумыслары, реформалар өзиниң унамлы нәтийжелерин көрсетпекте. Онда басламалы бюджет арқалы халықтың қәлеўи бойынша ең әҳмийетли, деп есапланған объектлерге айрықша тоқтап өтсек болады.
Қоңырат районы Қыят АПЖдағы 18-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң жанында Басламалы бюджет бағдарламасының 2025-жылғы 1-мәўсиминде заманагөй универсал спорт майданшасын қурыў бойынша усыныс алға қойылған еди. Мәҳәлле турғынлары бул басламаны белсене қоллап-қуўатлап, 1961 даўыс пенен мәўсим жеңимпазларынан бири деп табылды.
Бул усыныс әмелий нәтийжеге айланып, барлық қолайлықларға ийе болған спорт майданшасы пайдаланыўға тапсырылды. Енди бул аймақ жаслары ушын футбол, волейбол, баскетбол сыяқлы ҳәр қыйлы спорт түрлери менен шуғылланыўы, бос ўақтын мазмунлы өткериўи ҳәм саламат турмыс тәризин жолға қойыўы ушын қолайлы шараятлар жаратылды.
Мәҳәлледе әмелге асырылған бул жойбар жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды спортқа кеңнен тартыў ҳәм саламат әўладты тәрбиялаўға хызмет етеди.




Әлбетте, халықтың исеними ҳәм белсенди пуқаралық позициясы бул нәтийжеге ерисиўде әҳмийетли орын ийеледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги