Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик Салық басқармасы хызметкерлери тәрепинен Президентимиздиң «Өзбекстанда салық сиясатын жетилистириў концепциясы ҳаққында»ғы пәрманының мазмуны ҳәм әҳмийетин исбилерменлик субъектлериниң басшыларына, есапшыларына кеңнен түсиндириў ушын Қоңырат районында семинар шөлкемлестирилди.

Оған Мойнақ, Шоманай, Қанлыкөл, Қоңырат районларынан исбилерменлер менен есапшылар қатнасты.

Онда сөзге шыққан тараў хызметкерлери бул пәрман тек ғана салық тараўы хызметкерлери ушын емес, ал, пүткил жәмийетимиз, әсиресе, исбилерменлер ушын бир қатар имканиятлар жарататуғын ҳуқықый ҳүжжет болып есапланатуғынын атап өтти. Пәрман 2019-жыл 1-январьдан баслап күшке кириўи белгиленген болып, онда салыққа тартыў системасын түп-тийкарынан реформалаў, соның ишинде салықлар ҳәм мәжбүрий төлемлерди қысқартыў, нәтийжесиз салық жеңилликлерин бийкар етиў нәзерде тутылған.

Концепцияның тийкарғы мақсети – елимизде қолайлы бәсеки орталығын жаратыў, салық нызамшылығының турақлылығын ҳәм жеңиллетилиўин тәмийинлеў, салық жүклемесин азайтыў, республикамыздың инвестициялық тартымлылығын арттырыў, салық ҳәкимшилигин жетилистириў болып есапланады.

Семинарда салық тараўы хызметкерлери исбилерменлердиң қызықтырған сораўларына жуўап берип, жаңа пәрманға муўапық оларға алдағы ўақытларда нәтийжели жумыс алып барыў бойынша тийисли мәсләҳәтлерин берди.

 

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.