Экопартия: 2030-жылға шекем двигательли жеңил автомобильлер ҳәрекетин шеклеў керек

50

Бүгинги күнде экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў ең тийкарғы әҳмийетли бағдарлардан бирине айланды. Бул бағдарда бир қатар турмыслық илажлар әмелге асырылмақта.

Соның ишинде, Президентимиздиң 2025-жыл 24-ноябрьде қабыл етилген “Ташкент қаласында экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажлар ҳаққында”ғы пәрманы менен ҳәзирги күнлерде бақланып атырған атмосфера ҳаўасының жаманласыўын кескин азайтыўға қаратылған жумыслар избе-излик пенен алып барылмақта.

Бул бағдарда Өзбекстан Экологиялық партиясы да тәбиятты сақлаў ҳәм оны келешек әўлад ушын таза ҳалда жеткериў ушын қатаң илажларды көриў зәрүрлигин қоллап-қуўатлаған ҳалда бир қатар басламаларды алға қоймақта.

Соның ишинде, 2030-жылға шекем басқышпа-басқыш пайтахт ҳәм ири қалаларда ишки жаныў двигательлери болған жеңил автомобильлердиң ҳәрекетлениўин шеклеў, нормадан артық патасландырыўшы элементлер шығарылғаны ушын компенсация төлемлерин 10 есеге шекем арттырыў, жүк тасыўды ири жүк машиналарынан темир жолларға ҳәм қоршаған орталыққа аз тәсир көрсететуғын басқа транспорт түрлерине өзгертиўди усыныс етпекте.

Буннан тысқары, қурылыс ушын тереклерди көширип өткериў бәнесинде оларды набыт етиў жағдайларына шек қойыў мақсетинде он жылдан асқан тереклерди көширип өткериўди нызамлы қадаған етиў шәрт екенлигин алға қоймақта.

Өз гезегинде, Экологиялық партия қоршаған орталықты қорғаў жолында бир қатар илажларды белгилеп алған. Атап айтқанда, партия жанында партия белсендилери, эколог илимпазлар ҳәм мәмлекетлик шөлкемлердиң ўәкиллеринен ибарат Арнаўлы штаб дүзилип, экологиялық рейдлер өткерилмекте.

Қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы машқалалардың алдын алыў ҳәм шешиўге қаратылған сырт ел тәжирийбесине тийкарланған илимий көзқарасларды ислеп шығыў мақсетинде партияның “Илимпазлар корпусы” тартылды.

Сондай-ақ, халық, исбилерменлер, улыўма, жәмийеттеги барлық қатламның экологиялық билим ҳәм мәдениятын буннан былай да арттырыў мақсетинде комплексли үгит-нәсиятлаў бағдарламасы ислеп шығылып, әмелге асырылмақта.

Қалаберди, партия қоршаған орталықты қорғаўды жетилистириў, тараўда нызамшылықты бузғаны ушын жуўапкершиликти күшейтиў ҳәм финанслық санкцияларды енгизиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбарларын ислеп шығыў бойынша жумыслар басланғанын мәлим етти. Соның ишинде, “Қоршаған орталықты мониторинг етиў ҳаққында”ғы жаңа нызам жойбары үстинде жумыс баслап жиберилген.

Улыўма, Экопартия халықтың саламатлығы, пуқаралардың қолайлы қоршаған орталыққа болған ҳуқықларын тәмийинлеўге қаратылған экологиялық реформаларда белсене қатнасып, тәбиятты қорғаўда бас-қас болыўға бел байлаған.

                                                                                        ӨзА