Нөкисте Халықаралық майыплар күни кеңнен белгиленди

3-декабрь – Халықаралық майыплар күни
Басқа аймақларда болғаны сыяқлы Нөкис қаласында да 3-декабрь – Халықаралық майыплар күни мүнәсибети менен ҳәр қыйлы илажлар болып өтпекте. Усындай байрам илажларының бири Нөкистеги “Меридиан” ресторанында өткерилди.
Онда Өзбекстан Майыплар жәмийети Қарақалпақстан аймақлық бөлими баслығы П.Дәўлетиярова ҳәм басқалар соңғы жыллары елимизде имканияты шекленген пуқараларға көрсетилип атырған ғамхорлықлар олардың өмирден разы болып жасаўы ушын хызмет етип атырғаны атап өтти. Усы мақсетте турақ жайлар, ҳәр қыйлы реабилитациялаў техника қураллары менен тәмийинленип атырғаны, бийпул медициналық тексериўден өткерилип, руўхый-материаллық қоллап-қуўатланып атырғаны ҳаққында сөз болды.
Нөкис қаласы ҳәкимлиги хам Өзбекстан Майыплар жәмийети Нөкис қалалық бөлими тәрепинен шөлкемлестирилген илажға имканияты шекленген 120 пуқара қатнасып, оларға саўғалар тапсырылды. Байрам дастурханы жазылып, қызықлы концерт бағдарламасы қойып берилди.


– Имканияты шекленген пуқаралар ҳәмийше биздиң итибарымызда, – дейди Нөкис қалалық майыплар жәмийети баслығы Гүлнара Тасбаева. – Байрам қарсаңында олардың жағдайынан хабар алынып, саўғалар уласылмақта. Бүгин байрам илажын шөлкемлестириўде жақыннан жәрдем берген Нөкис ҳәкимлигине миннетдаршылығымызды билдиремиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги