Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасында ҳуқық қорғаў уйымларының ўәкиллери, әскерий хызметкерлер арасында экстремизм, терроризм ҳәм мисссионерлик сыяқлы түрли унамсыз иллетлерге қарсы гүресиў бағдарында үгит-нәсият жумысларын алып барыўға қаратылған ушырасыў болып өтти.
Илажда елимиздиң тынышлығын және де беккемлеўде әскерий хызметкерлердиң жуўапкершилиги оғада үлкен екенлиги айрықша атап өтилди. Бүгин жаўыз нийетли ҳәрекетлер инсанның ийман-исенимин сәўлелендириўши дин арқалы жаслардың идеологиясын бузыўға ҳәрекет етип атыр. Халқымыздың 60 проценттен асламын жаслар қурайтуғынын есапқа алсақ, ҳәр бир жерлесимизден сақлықты, қырағы болыўды талап етеди.
Сондай-ақ, ушысарыўда коррупцияға қарсы гүресиў арқалы ҳәр қандай унамсыз жағдайлардың алды алынатуғыны мысаллар менен түсиндирилди.
Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалында да усы мәселелерге бағышланған ушырасыў өткерилип, студент-жаслар арасында бул иллетлердиң зыяны ҳаққында түсиник жумыслары алып барылды.
Ушырасыўда жаслар экстремизм ҳәм терроризмге қарсы гүресиў бағдарында қәнигелерден кең түрде түсиник алды.
М.Пирназарова,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.