“Мүриўбет” үйиндеги байрам илажы

54

3-декабрь – Халықаралық майыплар күни мүнәсибети менен Шымбай районындағы майыплығы болған ер адамлар “Мүриўбет” интернат үйинде де байрам илажы өткерилди.

Илажда бажыхана уйымлары хызметкерлери қатнасып, ол жерде тәрбияланып атырған адамлар менен сәўбетлести.

Буннан соң бажыхана хызметкерлери тәрепинен интернаттағы тәрбияланыўшыларға естелик саўғалары тапсырылып, илаж концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Әлбетте, елимиз бойлап әмелге асырылып атырған бундай илажлар кемкеўил инсанларға болған итибар, меҳир-мүриўбет, адамгершилик ҳәм жәмийетте олардың мүнәсип орнын тәмийинлеўге қаратылған әмелий жумыслардың нәтийжеси екенлиги менен әҳмийетли болып есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги