Туўма жүрек нуқсаны менен кеселленген елимиз бойынша 12, соның ишинде, республикамыздан 2 наўқас балаға Қубла Кореяның белгили «Седжонг» госпиталында табыслы операция исленип, бүгинги күни емленбекте.

– Операциядан кейин балалардың ҳал-жағдайы жақсы, – дейди «Саламат әўлад ушын» халық аралық қайырқомлық қоры Қарақалпақстан филиалының директоры Оразгүл Ембергенова социаллық тармақлар арқалы биз бенен болған сәўбетинде.- Олардың арасында пайтахтымыздағы «Жийдели байсын» мәкан пуқаралар жыйынынан 2017-жылы туўылған Қаусар Фархадова, Төрткүл районы «Аққамыс» аўыллық пуқаралар жыйынынан 2015-жылы туўылған Бунёдбек Юлдашбаевлар да бар. Балалардың толық емленип шығыўы ушын барлық шараятлар жаратылған. Сонлықтан да олардың ата-аналары госпитал шыпакерлеринен, усы илажды шөлкемлестирген «Саламат әўлад ушын» халық аралық қайырқомлық қорының басшыларынан шексиз миннетдар.

Бул балалар усы жыл октябрь айының басында республикамызға қайтып келеди. Солай етип, Қубла Корея менен денсаўлықты сақлаў тараўындағы бирге ислесиў жылдан-жылға беккемленип бармақта.

Еслетип өтемиз, қайырқомлық илажы «Саламат әўлад ушын» халық аралық қайырқомлық қоры менен Қубла Кореяның «Суаджин» қоры арасында дүзилген меморандум шеңберинде әмелге асырылмақта.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.