Миллий бирлик ҳәм ҳуқықый турақлылық тийкары

48

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 22-статьясы мәмлекетте пуқаралық институтының ҳуқықый мазмунын ҳәм оның әмелий әҳмийетин белгилеп бериўши тийкарғы қағыйдалардан бири.

Бул статья өзиниң сыртқы әпиўайылығына қарамастан, мәмлекеттиң турақлылығы, социаллық теңлик ҳәм аймақлық пүтинликти тәмийинлейтуғын сиясий-ҳуқықый механизм сыпатында хызмет етеди. Пуқаралық түсиниги ҳәр бир инсанның мәмлекет пенен қатнасын белгилейтуғын тийкарғы ҳуқықый категория болғаны ушын, бул статьяда сәўлеленген нормалар тек ғана ҳуқықтаныўшылар емес, ал кең жәмийетшилик ушын да әҳмийетли болып есапланады.

Өзбекстанда бирден-бир пуқаралық орнатылғаны – мәмлекеттиң барлық аймақларында бирдей ҳуқықый мәкан бар екенин аңлатады. Бул норманың ҳуқықый мәниси мәмлекеттиң унитар тәбияты менен тығыз байланыслы. Халықтың қай жерде жасаўына қарамастан, бирдей пуқаралыққа ийе болыўы – ҳеш қандай регионаллық, аймақлық, ҳәкимшилик ямаса этникалық тийкарда пуқаралық статусының парықланбаўын тәмийинлейди. Бундай қатнас жәмийетте әдилликти беккемлеп, пуқаралар арасындағы теңлик принципин турмысқа енгизеди ҳәм мәмлекет пенен пуқара арасындағы қатнасықлардың барлық тараўларда бирдей әмел етиўин кепиллейди.

Бирден-бир пуқаралық түсиниги әмелде миллий аўызбиршиликти, социаллық турақлылықты ҳәм сиясий пүтинликти тәмийинлейтуғын әҳмийетли фактор болып есапланады. Ҳәр қыйлы мәмлекетлерде көрилетуғын “еки басқышлы пуқаралық” ямаса “регионаллық тийислилик” сыяқлы түсиниклер көп жағдайларда сиясий турақсызлыққа себеп болыўы мүмкин. Себеби, түрли аймақларда жасаўшы пуқараларда ҳуқықый статус ҳәр түрли болса, олардың мәмлекетке болған мүнәсибети ҳәм ҳуқықый жуўапкершилигинде айырмашылық пайда болады. Өзбекстанда болса бундай жағдайдың өзине ҳәм ҳуқықый, ҳәм сиясий жақтан жол қойылмаған. Бул болса, мәмлекеттиң өткен 34 жылдағы турақлы раўажланыўына хызмет еткен факторлардан бири болып есапланады.

Статьяда айрықша атап өтилген әҳмийетли қағыйда – Қарақалпақстан Республикасы пуқарасының ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы пуқарасы есапланатуғыны ҳаққындағы норма. Бул қағыйда илимий-ҳуқықый көзқарастан еки ўазыйпаны атқарады: биринши ўазыйпа – аймақлық пүтинликти беккемлеў, екиншиси – улыўма пуқаралық идентификациясын тәмийинлеў.

Пуқаралықтың теңлиги мәселеси де усы статьяның ең әҳмийетли бөлимлеринен бири болып табылады. Пуқаралыққа қандай тийкарда ийе болыўына қарамастан, оның ҳәмме ушын тең екенлиги – конституциялық мәмлекетшиликтиң ажыралмас принципи болып, пуқаралардың ҳуқық ҳәм миннетлемелеринде айырмашылық болмаўы, мәмлекеттиң қорғаўы ҳәм кепилликлеринен теңдей пайдаланыўы, суд алдында теңлик принципин әмелге асырыў – мине, усы норманың реал көринислери болып есапланады.

Бул қағыйда тек ғана ҳуқықый теңликти емес, ал жәмийеттеги социаллық әдиллик туйғысын да беккемлейди. Себеби, мәмлекет пуқаралық статусын инсанның пайда болған дереги, келип шығыўы яки экономикалық жағдайы бойынша парықламайды.

22-статьядағы нормалар әмелиятта пуқаралардың ҳуқықый статусы, мәмлекет тәрепинен қорғалыўы, социаллық бағдарламаларда, экономикалық қатнасықларда қатнасыўында ҳәм сайлаў процесслерине мүнәсибетинде толық көринеди. Пуқаралықтың бирден-бир екенлиги мәмлекетте демократиялық институтлардың қәлиплесиўине, экономикалық раўажланыўда теңдей имканиятларды тәмийинлеўге ҳәм пуқаралардың мәмлекетке болған исенимин беккемлеўге хызмет етеди.

Пуқаралық теңлиги халықтың ҳәр бир қатламына мәмлекет тәрепинен әдиллик мүнәсибетин тәмийинлейди. Бул принциптиң әмел етиўи жәмийетте қатламласыўды шеклеп, аймақлар арасындағы ҳуқықый айырмашылықлардың алдын алады. Мәселен, мийнет қатнасықлары, социаллық тәмийнат, медициналық хызмет, билимлендириў ҳуқықы сыяқлы тараўларда пуқаралардың статусы бирдей болғаны ушын, мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўда улыўма пуқаралық имканияты жүзеге келеди. Бул болса ишки миграция процесслерин де турақластырады: адамлар қайсы аймақта жасаса да, ҳуқықлары өзгермейтуғынын биледи.

Бирден-бир пуқаралықтың халықаралық ҳуқықый баҳасы да үлкен. Халықаралық нормаларда мәмлекет пуқараларының тең қорғалыўы мәмлекет суверенитетиниң ажыралмас бөлеги сыпатында тән алынады. Өзбекстанда 22-статьяның бар екенлиги халықаралық қатнасықларда да ҳуқықый анықлықты тәмийинлейди, пуқаралардың сырт елде қорғалыў механизмин күшейтеди. Мәмлекет өз пуқарасын қай жерде болыўына қарамастан, бирдей дәрежеде қорғаў миннетлемесине ийе.

Өткен дәўир тәжирийбеси соны көрсетти, 22-статьядағы нормалар мәмлекетте күшли социаллық турақлылықты сақлап турыўшы элементлерден бирине айланған. Ғәрезсизликтиң дәслепки жылларында пуқаралық мәселесинде кескин социаллық келиспеўшиликлер жүзеге келмегени де әйне усы норманың дурыс белгиленгенинен дерек береди. Егер пуқаралық аймақлар бойынша парықланғанда, бул мәмлекетте социаллық тарқалыў қәўпин күшейткен болар еди. Ҳәзирги күнде де пуқаралықтың бирден-бир екенлиги Өзбекстанның мәмлекет сыпатында турақлы ҳәм бир пүтин раўажланыўында әҳмийетли фактор болып қалмақта.

Конституцияның 22-статьясы мәмлекетте ҳуқықый теңлик, аймақлық пүтинлик ҳәм сиясий турақлылыққа хызмет ететуғын тийкарғы конституциялық принциплерден бири болып есапланады. Оның ҳуқықый әҳмийети – пуқаралық институтының бир пүтин, анық ҳәм турақлы тәртипке салыныўы; социаллық әҳмийети – пуқаралардың тең ҳуқықый статусында екенлиги; сиясий әҳмийети – мәмлекеттиң унитарлық тәбияты ҳәм аймақлық бирлигин беккемлеў; адамгершилик әҳмийети – ҳәр бир инсанның мәмлекет тәрепинен қорғалыўының тең дәрежеде кепиллениўи болып табылады. Усы жағынан 22-статья тек ғана ҳуқықый норма емес, ал Өзбекстан мәмлекетшилик модели ҳәм жәмийет раўажланыўының тийкарғы негизлериниң бири болып есапланады.

Жуўмақлап айтқанда, пуқаралық бериў менен байланыслы жумыслар Жаңа Өзбекстанда инсан ҳуқықларын, еркинликлерин ҳәм мәплерин әмелге асырыў ҳәм қорғаў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалардың тийкарғы бағдарларынан бири болып, мәмлекет өз аймағында да, оның сыртында да өз пуқараларын ҳуқықый қорғаў ҳәм оларға қәўендерлик көрсетиў кепилликлерин әмелде тәмийинлеўдиң нәтийжеси болып табылады.

Жаңа Өзбекстанның Жаңа Конституциясында пуқаралық шахстың мәмлекет пенен өз-ара ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм жуўапкершилиги жыйындысында сәўлеленген және инсан қәдири, тийкарғы ҳуқықлары менен еркинликлерин тән алыў және ҳүрмет етиўге тийкарланған турақлы сиясий-ҳуқықый байланысын белгилейтуғын миллий ҳуқық системасының айрықша институты сыпатында және де жетилистирилди.

Улуғбек Мухамедов,

Өзбекстан Республикасы Жәмийетлик қәўипсизлик университети, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў кафедрасы аға оқытыўшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги