Конституция – демократия ҳәм социаллық раўажланыў тийкары

8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн мүнәсибети менен Қарақалпақстан медицина институтында салтанатлы байрам кешеси болып өтти.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы А.Жуманазаров, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри Б.Төребеков, Жоқарғы суд судьясы А.Сапаров, институт деканлары, орынбасарлары, профессор-оқытыўшылар, тюторлар ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Салтанатлы кеше мәмлекетлик гимнлер менен басланып, оны институт ректоры О.Халимов кирис сөз бенен ашып берди.
Илажда атап өтилгениндей, мәмлекетимиздиң тийкарғы нызамы – Конституция инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғайтуғын, демократиялық мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийетин қәлиплестириўдиң беккем ҳуқықый тийкары болып есапланады.
1992-жыл 8-декабрь күни қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Конституциясы халқымыздың менталитети ҳәм үрп-әдетлери, заманагөй демократиялық принциплер, алдынғы халықаралық тәжирийбелер тийкарында ислеп шығылған болып, өткен жыллар даўамында мәмлекет раўажланыўының бас өлшемине айланған.
Кешеде шығып сөйлегенлер соңғы жыллары мәмлекетлик басқарыўда нызам үстинлигин тәмийинлеў, жаңаша мәмлекетлик сиясатты қәлиплестириў, халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға жоқары баҳа берди. Әсиресе, 2023-жыл 30-апрель күни өткерилген улыўмахалықлық референдум нәтийжесинде Конституцияның жаңа редакцияда қабыл етилиўи барлық тараўларда, соның ишинде, билимлендириў системасында түпкиликли өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар ушын ҳуқықый тийкар жаратқаны көрсетип өтилди.
Ҳақыйқатында да мәмлекетимиздиң жаңаланған Конституциясында жаслардың билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи, интеллектуаллық ҳәм руўхый жақтан камил инсанлар болып жетисиўи ушын зәрүр принциплер белгиленген. Усы мақсетте, Қарақалпақстанда жоқары оқыў орынлары санының артыўы, институтлардың материаллық-техникалық базасының беккемлениўи, қабыллаў квоталарының көбейтилиўи, әсиресе, қосымша грант орынларының ажыратылыўы – Бас Нызамымызда белгиленген нормалардың турмыстағы айқын көринислери болып есапланады.



Медицина институтында өткерилген илаж тек ғана Конституция қабыл етилгениниң 33 жыллығын мүнәсип белгилеўге емес, ал студентлерде Ўатанға садықлық, нызамларға ҳүрмет ҳәм ҳуқықый мәдениятты беккемлеўге хызмет етти деп айта аламыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшы