Усы күнлери Европа қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми Парламентлик ассамблеясының Дания делегациясы елимизде болып тур.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасында 26-сентябрь күни  делегация ағзалары менен ушырасыў өткерилди.

Мийманларға Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, мәмлекетлик ҳәм аймақлық бағдарламалардың мазмун-мәниси, парламент ҳәм оның палаталарының жумысы, сиясий партиялар, Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети, фракциялар менен комитетлердиң жумыс усыллары, сырт еллердиң парламентлери менен бирге ислесиў бойынша дослық топарлары ҳаққында мағлыўмат берилди. Сондай-ақ, делегация ағзалары Олий Мажлис жанындағы Нызамшылық машқалалары ҳәм парламентлик изертлеўлери институтының жумысы, норма дөретиўшилиги тараўындағы жаңалықлар менен таныстырылды.

Ушырасыўда тәреплер бүгинги күнде терроризм, экстремизм, адам саўдасы, нәшебентлик затлардың нызамсыз айланысы сыяқлы глобал машқалалардың алдын алыў, оларға қарсы гүресиўди турақлы мәмлекетлик ямаса халықаралық шөлкемниң өзи жеке ҳалда ислей алмайтуғыны, трансмиллий жынаятларға қарсы биргеликте гүресиў әҳмийетли нәтийже  беретуғыны мүмкин екенлигин атап өтти.

Делегация ағзалары Өзбекстанның халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе әҳмийетли мәселелер бойынша позициясы менен қызықсынды. Өз гезегинде, ЕҚБШ системасындағы бирге ислесиўдеги жойбарларды әмелге асырыў перспективлары  ҳаққында да сөз болды. Бүгинги күнге  шекем Өзбекстан ҳәм ЕҚБШ, атап айтқанда оның Парламентлик ассамблеясы арасында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў, жақын келешектеги еки тәреплеме бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларын белгилеў бойынша пикир алысылды.

Делегация ағзалары усы күни Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайында да болды.

Малоҳат ҲУСАНОВА,

ӨзА ның хабаршысы