Байрам көтериңки кейпиятта белгиленди

43

Мойнақ районында 3-декабрь – Халықаралық майыпларды қорғаў күни мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Илажда район ҳәкиминиң орынбасары М.Жумабаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, майыплығы болған пуқараларға көрсетилип атырған итибар, жаратылып атырған шараятлар ҳәм олардың жәмийеттеги орнына айрықша тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, 3-декабрь – жәмийетимизде барлық қатламлардың теңлиги, адамгершилик ҳәм мийрим-шәпәәт қәдириятларының айқын үлгиси болып есапланады. Майыплығы болған пуқаралардың жәмийетлик жумысларда белсене қатнасыўы ҳәм олардың социаллық турмысқа толық түрде қосылыўы улыўма раўажланыўымыздың әҳмийетли факторларынан бири болып есапланады.

Бүгинги күни районда усы категориядағы пуқаралардың социаллық қорғалыўын күшейтиў, оларды қоллап-қуўатлаў, медициналық-социаллық хызметлер менен тәмийинлеў ҳәм олардың белсенди турмысқа интеграциясын тәмийинлеў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Илаж даўамында майыплығы болған пуқараларға ҳүрмет-иззет көрсетилип, оларға саўғалар тапсырылды.

Көркем өнер шеберлериниң шығыўлары, дөретиўшилик көргизбелер ҳәм түрли мәдений бағдарламалар илажға өзгеше заўық бағышлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги