Енди жеке меншик шөлкемлерде ислейтуғын ҳаялларға да ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасы төленеди

45

Төменги палатаның мәжилисинде атап өтилгениндей, 2026-жылы республика бюджетиниң қәрежетлери 308,4 триллион сум болыўы күтилмекте. Қәрежетлердиң дерлик 55 проценти социаллық тараўға ажыратылады.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен реформалардың ең тийкарғы бағдары сыпатында белгилеп берилген билимлендириўдиң сапасын арттырыў, халықтың талапларына ҳәм халықаралық стандартларға толық жуўап беретуғын медицина ҳәм социаллық қорғаў системасын шөлкемлестириў ушын Мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң 25,5 проценти муғдарындағы қаржылар билимлендириў ҳәм илим тараўы, 12,1 проценти денсаўлықты сақлаў ҳәм 4,2 проценти халықты социаллық қорғаўдың жәми қәрежетлери ушын ажыратылатуғыны өз көринисин тапқан. Тек ғана онкология тараўы ушын 250 миллиард сум ямаса усы жылға салыстырғанда 1,5 есеге көп қаржы ажыратылыўы режелестирилмекте.

Сондай-ақ, келеси жылдан баслап мәмлекетлик ямаса жеке меншик шөлкемлердеги барлық ислейтуғын ҳаял-қызларға ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасын төлеў жолға қойылады. Бул мақсетлерге Социаллық қамсызландырыў қоры есабынан 3,4 триллион сум төленеди. Оның ушын бюджеттен усы қорға 1,5 триллион сум өткериледи.

Напақа, материаллық жәрдем ҳәм басқа да социаллық жәрдемлер ушын 17 триллион сум қаржы ажыратылады. Турақ жай шараятын жақсылаў мақсетлери ушын 15 триллион сум қаратылады. Соннан 12,3 триллион сумы коммерциялық банклерге ипотека ушын ресурс сыпатында ажыратылады. Қалған бөлеги субсидиялар ушын қаратылады.

Муҳтарама Комилова,  

Носир Ҳайдаров (сүўрет),

ӨзА