Абайлылық – қәўипсизлик гиреўи

Бүгинги күнде транспорт қураллары турмысымыздың ажыралмас бөлегине айланып үлгерди. Кимдур жеке автомобилинен турақлы пайдаланса, және кимдур такси хызметлеринен пайдаланыўды абзал көреди. Бирақ, атап өтиў орынлы, екеўинде де қәўипсизликке әмел етиў талап етиледи.
Күнделикли турмыста ҳәр биримиз бир ўәлаяттан екинши ўәлаятқа барып келиўимизге туўра келеди. Әйне усы процессте жоқарыда атап өтилген қәўипсизлик мәселеси жүзеге келеди.
Онда айдаўшы ҳәм жолаўшыларға бир қанша усыныслар бар.
Түнде жолға шықпаў, тез айдаў ҳәм оған шақырмаў, ҳаўа температурасы кескин төменлегенде жолға шықпаў, әсиресе, думанлы ҳаўа-райы қәўпи болса, ҳәрекетти тоқтатыў.
Усы сыяқлы және бир қанша жағдайлар бар, инсан өмири ушын қәўипли. Гүзе күнде емес, күнинде сынады, дегениндей алдымыздан келетуғын қәўипти ҳеш биримиз билмеймиз. Бирақ абайлы болыў пайдадан жырақ емес.
– Үш жылдан берли Самарқанд – Ташкент жөнелисинде айдаўшылық етемен. Сондай жағдайлар болған, пүткил өмирим бир дем көз алдымнан өткен, – дейди Самарқанд ўәлаяты Каттақорған районында жасаўшы Умарбек атлы айдаўшы. – Усы жылдың 22-ноябрь күни әтирапты оғада күшли думан қаплады. Көриў ҳәм ҳәрекетлениў имканияты дерлик жоқ. Сол ўақытта 30 ға шамалас машина бир-бириниң изинен барып урылған. Қуўанышлысы, ҳеш кимге зыян жетпеген. Ҳүрметли жолаўшылар, өзиңиз ҳәм жақынларыңыз тәғдирине бийпәрўа болмаң. Себеби, бүгинги күнниң сақлығы ертеңги күнниң қәўпинен сақлайды.
Ҳақыйқатында да, тәўип тәўип емес, басынан өткерген тәўип дегендей, бул айдаўшының бул тийкарлы пикирлерине қосылмаўдың илажы жоқ. Себеби, түсиндириў түсингеннин ўазыйпасы.
Шербек Исломов, ӨзА