Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2018-жыл 27-29-сентябрь күнлери Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық аўқамы Мәмлекет басшылары кеңесиниң Душанбе қаласында болып өтетуғын гезектеги мәжилисине қатнасады.

Саммиттиң күн тәртибинен ҳәр қыйлы тараўлардағы көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдың бүгинги жағдайына ҳәм перспективаларына байланыслы кең көлемли мәселелер орын алған.

Сондай-ақ, мәмлекет басшылары 2019-жылы ҒМДАға басшылық ететуғын мәмлекетти, ҒМДА Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисин өткериў орнын ҳәм мүддетин белгилеў мәселесин көрип шығады, регионаллық ҳәм халықаралық сиясаттың баслы машқалалары бойынша пикир алысады.

Мәжилис жуўмағында бир қатар салмақлы ҳүжжетлер, соның ишинде, ҒМДАға ағза еллер Мәмлекет басшыларының 1948-жыл 10-декабрьдеги Инсан ҳуқықлары пүткил жәҳән декларациясы қабыл етилгениниң 70 жыллығы мүнәсибети менен билдириўи, 1941-1945-жыллардағы Уллы Ўатандарлық урыста ерисилген Жеңистиң 75 жыллығына таярлық көриў ҳәм оны белгилеў бойынша тийкарғы илажлар режеси, 2019-2023-жылларға мөлшерленген жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша биргеликтеги ис-ҳәрекетлер мәмлекетлераралық бағдарламасы, Информациялық технологиялар тараўындағы жынаятларға қарсы гүресиў бойынша бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылыўы күтилмекте.

Өзбекстан Президентиниң сапары шеңберинде Душанбе қаласында еки тәреплеме бир қатар ушырасыўлар өткериў де нәзерде тутылған.

ӨзА