Арнаўлы комиссияның тапсырмасына бола, экологлар ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери ҳәр кеше рейдлер өткерип, экологияға байланыслы нызамшылықты бузып атырғанларды анықламақта

70

Ҳәммемизди тәшўишке салып атырған машқаланы тереңирек үйрениў мақсетинде бүгин мен де оларға шерик болдым. Биз Қыбрай районындағы ыссыханалардан бирине бардық. Мәлим етилиўинше, бул ыссыханада күнине 150 килограмға шамалас көмир жағылады екен. Әлбетте, бул қоршаған орталыққа үлкен зыян жеткереди.

Исбилерменлер өзлериниң ҳәр бир ҳәрекети ушын жуўапкершиликти өз мойнына алыўы шәрт. Экологияға келтирилип атырган зыянды материаллық мәп, мол дәрамат пенен ақлап болмайды. Бундай өндиристиң экономикалық пайдасы үлкен болыўы мүмкин, бирақ халықтың денсаўлығына зыяны оннан да көбирек тийеди.


Соның менен бирге, исбилерменлер өз жумысын нызамлы ҳәм қәўипсиз алып барыўы ушын жәрдем көрсетиў зәрүр. Экология комитетине бир күн ишинде бул ыссыханаға заманагөй фильтр орнатыў, сондай-ақ, исбилерменлер ушын семинар-тренинг ҳәм фильтрлер саўда-көргизбесин шөлкемлестириў ўазыйпасы тапсырылды.