Қусханатаўда сервис компаниясы жумыс баслады

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 25-июнь сәнесиндеги “Мәҳәллелерди абаданластырыў, көклемзарластырыў ҳәм келбетин түп-тийкарынан жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-234-санлы қарары тийкарында Мәҳәлле сервис компанияларының жумысын жолға қойыў белгиленген.
Усы қарар талапларының Бозатаў районында орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, быйылғы жылы Қусханатаў аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан “Мәҳәлле сервис компаниясы” имаратын жаңадан қурыў реже етип алынып, имараттың қурылыс жумыслары басланған еди. Қолы гүл қурылысшылардың алып барған жумысларының нәтийжесинде, жақында бул жерде қурылыс жумыслары толық жуўмақланып, ол халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды.
Жаңа имараттың ашылыў салтанатына район басшылары, депутатлар, аймақ белсендилери ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Илажда район ҳәкими Б.Уббиниязов, Өзбекстан Мәҳәллелери аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы С.Турмановлар шығып сөйлеп, аймақ халқын ҳәм илаж қатнасыўшыларын жаңа имараттың ашылыўы менен қызғын қутлықлады.

Буннан соң имарат алдына тартылған ленталар кесилип, илаж қатнасыўшылары сервис компаниясының ишки мүмкиншиликлери ҳәм онда жаратылған қолайлықлары менен жақыннан танысты.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшы