Ең жоқары мақсет – инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў

53

Жаңаланған Конституциямызда “Инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў – мәмлекеттиң жоқары мақсети” деген норма белгиленди.

Бул мақсетке ерисиў ушын инсанның қәдир-қымбатына ҳәм саламатлығына қол қатылмаслығы, мәмлекетлик уйымлар тәрепинен ҳуқықый тәсир илажларының сәйкеслик Принципине тийкарланыўы ҳәм нызамларда нәзерде тутылған мақсетлерге ерисиў ушын жеткиликли болыў кереклиги белгиленди.  Айыпсызлық презумпцияси және де күшейтилди. Атап айтқанда, Конституциямыздың 28-статьясында шахстың иси судта көрип шығылып, оның айыбы анықланбағанша ол айыпкер деп табылған болса, келесиде судтың нызамлы күшке кирген ҳүкими менен анықланбағанша ол гүнасыз есапланыўы беккемленди.

Конституцияда инсанның жеке ҳуқықлары ҳәм еркинликлери кепиллиги халықаралық стандартларға муўапық күшейтилди. Атап айтқанда, 27-статьяға көре шахсты суд шешимисиз 48 сааттан артық мүддет услап турылыўы мүмкин емеслиги, бул мүддет услап турыў нызамлылығы ҳәм тыянақлылығы судта тастыйықланбаса, шахс тезлик пенен азат етилиўи (“Хабеас корпус” институты) ҳәм шахсты услап турыў сыяқлы оның ҳуқықлары менен услап турылыў тийкарлары оған түсиникли тилде түсиндирилиўи кереклиги (“Миранда қағыйдалары”) белгиленди. Соның менен бирге, айыпланыўшы ҳәм судланыўшыларға өзине қарсы көрсетпе бермеў, яғный “үнсизлик сақлаў” ҳуқықы белгиленип атыр. Бул қағыйдалар жеке еркинлик қол қатылмаслығын ҳәм адамларды нызамға қарсы қамаққа алыўға жол қоймаўды кепиллейди.

Дәслепки мәрте жазысыўлар, телефон арқалы сөйлесиўлер, почта, электрон хабарлар ҳәм басқа хабарларды сыр сақлаў ҳуқықы тек судтың шешимине тийкарланып шеклениў мүмкинлиги белгиленди. Шахстың ағайинлариниң судланғанлығы себепли, оның ҳуқықларының шеклениўи мүмкин емеслиги қатаң белгилениўи менен адамлардың өзиниң жақынлары жол қойған қәтелер ушын жуўап бермеўи тәмийинленди.

Жаңаланған Бас Нызамымыз жәмийетимизде инсан қәдирин жоқарылатыў, халқымыз ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў мақсетин гөзлейди. Атап айтқанда, жаңаланған Конституциямызда билим алыў ҳуқықының кепиллениўи менен бир қатарда, мәмлекет ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң раўажланыўы теңдей қоллап-қуўатланыўы дәслепки рет рәсмий тийкарда беккемленип атыр. Соның менен бирге, инклюзив тәлим-тәрбия термининиң Конституцияда сәўлелениўи итибарға ылайық. Ең тийкарғы өзгерис муғаллимлердиң статусы менен байланыслы. Соның ишинде, 52-статьяда бурын болмаған жаңа норма киргизилип атыр. Оған көре, муғаллимниң мийнети жәмийет пенен мәмлекетти раўажландырыў, бәркәмал әўладты қәлиплестириў ҳәм тәрбиялаў, халықтың руўхый-мәдений потенциалын сақлаў ҳәм байытыўдың тийкары ретинде тән алынады. Мәмлекет муғаллимлердиң абырайын қорғаў, олардың социаллық ҳәм материаллық абаданлығы, кәсиплик тәрептен өсиўи ҳаққында ғамқорлық етеди. Бул нормалардың Конституцияға киргизилиўи заманагөй педагогикада жаңа дәўирди баслап бергенине гүман жоқ.

Жуўмақлап айтқанда, “Инсан – жәмийет – мәмлекет” деген қатнас Конституциямыздың мазмунына терең сиңдирилип, жаңа Өзбекстан турмысында инсан абырайы, қәдири ҳәм намысы барлық тараўларда биринши орында турыўы жоқары дәрежеде өз сәўлесин таппақта.

Рашид Каукышев,

Жынаят ислери бойынша Шымбай районы судының тергеў судьясы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги