Итибар ҳәм ғамқорлықтың айқын көриниси

62

Тахтакөпир районында 3-декабрь – Халықаралық майыплар күни мүнәсибети менен социаллық жәрдемге мүтәж ҳәм майыплығы болған пуқаралар ушын байрам илажы шөлкемлестирилди.

Район ҳәкимлигиниң басламасы менен өткерилген бул илажда қатнасыўшыларға ҳүрмет-иззет көрсетилип, байрам дастурханы жайылды.

Илажға район ҳәкиминиң орынбасары Ш.Бектурганов, Өзбекстан Майыплар жәмийетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы П.Дәўлетиярова ҳәм басқа да жуўапкерлер қатнасты. Онда шығып сөйлегенлер барлық қатнасыўшыларды байрам менен қутлықлап, оларға беккем денсаўлық, шаңарақларына тынышлық ҳәм абаданлық тиледи.

Буннан соң, бир қатар имканияты шекленген пуқараларға байрам саўғалары тапсырылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшы