Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамы Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасыў ушын 27-сентябрь күни Тажикстанға жөнеп кетти.

Бурын хабар етилгениндей, саммит күн тәртибинен түрли тараўлардағы көп қырлы бирге ислесиўди және де раўажландырыўдың ағымдағы жағдайы ҳәм перспективаларына байланыслы кең көлемли мәселелер орын алған.

Сондай-ақ, мәмлекет басшылары 2019-жылы Дослық Аўқамына басшылық ететуғын мәмлекет, Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисин өткериў орнын ҳәм мүддетин белгилеў мәселесин көрип шығады, регионаллық ҳәм халықаралық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысады.

Өзбекстан Президентиниң сапары шеңберинде еки тәреплеме ушырасыўлар өткериў де нәзерде тутылған.  

 

ӨзА