Чернобыльде жаңа турмыс формасы табылды

13

Чернобыльде ўайран болған энергия блогының дийўалларында радиация менен азықланатуғын қара замаррық табылды, деп хабар бермекте “Science Alert илимий журналы.

Бул замаррық “Cladosporium sphaerospermum” деп аталады ҳәм айырым илимпазлардың пикиринше, оның қараңғы пигменти – меланин өсимликлер фотосинтез ушын жақтылыққа таянатуғын тәризде ионластырыўшы нурланыўдан пайдаланыўға имканият береди, делинеди мақалада.

Басылымның мағлыўматларына бола, илимпазлар тиккелей нурланыў дәрежеси оғада жоқары болған аймақлардан үлгилер жыйнаған. Изертлеўлер соны көрсетти, радиация тәсиринде замаррық тек ғана тири қалып қоймастан, ал тезирек өскен.

Тири тәбияттың әдеттеги реакциясына сәйкес келмейтуғын бул жағдай тиришиликтиң басқа формалары ушын қәўипли шараятларда аман қалыўды аңлатпақта.

Бул процесске радиосинтез аты берилген, бирақ ониң тәсир етиў механизмлери белгисиз болип қалмақта.

Октябрь айында “Daily Mail” басылымы Американың “Dogs of Chernobly” коммерциялық емес шөлкемине сүйенип, аймақта әдеттегидей емес көк реңдеги ийтлер табылғаны ҳаққында хабар берген еди.

Г.Сатторова, ӨзА