Дөретиўши муғаллимлер ҳәм оқыўшылар хошаметленди

Шымбай районы ҳәкимлиги ҳәм «Шымбай ҳаўазы» газетасы редакциясы тәрепинен «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының қабыл етилгенлигине 36 жыл толыўы мүнәсибети менен улыўма билим бериў мектеплериниң муғаллимлери ҳәм оқыўшылары арасында «Мәртебең бәлент болсын, ана тилим!» атамасындағы мақала, қысқа гүрриң ҳәм поэзиялық дѳретпелер таңлаўы өткерилди.
Таңлаўға мектеп муғаллимлери менен оқыўшыларынан 50 ге жақын дѳретпелер келип түсти. Тѳреши ағзалары тәрепинен келип түскен мақалалар дыққат пенен кѳрип шығылып, олар мүнәсип түрде баҳаланды.
Атап айтқанда, публицистикалық мақалалар таңлаўында 1-орынды районлық 41-санлы мектептиң муғаллими Роза Ережепова, сыйлы 2-орынды 27-санлы мектептиң муғаллими Гүлайым Дәлекеева ҳәм «Бәркамал әўлад» балалар мектеби дѳгерек басшысы Шахноза Оразымбетова, ал сыйлы 3-орынды 49-санлы мектептиң муғаллими Аллаяр Сейилбаев, 37-санлы мектептиң муғаллими Гүлзада Генжеева ҳәм 8-санлы мектептиң муғаллими Гәўҳар Тәңирбергеновалар ийеледи.
Ал, мектеп оқыўшылары арасында өткерилген қысқа гүрриң ҳәм қосықлар таңлаўында 1-орынды 17-санлы мектептиң оқыўшысы Камила Дәўлетбаева, 2-орынды 41-санлы мектеп оқыўшысы Анора Сийпатдинова ҳәм 43-санлы мектеп оқыўшысы Рамазан Муратбаев, ал сыйлы 3-орынды болса 49-санлы мектептиң оқыўшысы Шаҳризада Бахтиярова, 5-санлы мектептиң оқыўшысы Альбина Розымбаева ҳәм 31-мектептиң оқыўшысы Бийбихатша Муратбековалар ийеледи.

Сондай-ақ, таңлаўда белсене қатнасқаны ушын да бир қатар муғаллим ҳәм оқыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшы