Жиззақ ең тартымлы туристлик маршрутлардан бирине айланғаны айтылды

Президент Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында Халық депутатлары Жиззақ ўәлаяты Кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтпекте.
– Бурын автомобиль қурылысы дегенде ҳәмме тек Асаканы түсинетуғын еди. Бирге ислесиўшилеримиз бенен Жиззақта да жылына 175 мың автомобиль ислеп шығарыў қуўатлылықлары жаратылды, – деди Президентимиз.
Жиззах политехника институтының Инженерлик мектеби ашылды. Бул жерде ҳәр жылы 300 ўәлаят жаслары дуал билимлендириў тийкарында заманагөй инженер болып шығады.
Бул институт Венгрияның белгили Абуда университетиниң басқарыўына берилип, онда тек ғана автосанаат ушын емес, ал электротехника, транспорт, қурылыс материаллары, аўыл хожалығында инженерлер, жасалма интеллект бойынша қәнигелер таярлаў да жолға қойылатуғыны атап өтилди.
Қысқа ўақытта Зомин, Фориш, Арнасой районлары ҳәм Жиззақ қаласында 2 миллиард долларлық 500 ден аслам туризм ҳәм сервис объектлери жумыс баслады. Арнасай ҳәм Зоминде 300 миллион доллар есабынан 12 ай даўамында толық ислейтуғын курорт зоналары иске қосылғаны, оларда аэропортлар қурылғаны нәтийжесинде Жиззақ ең тартымлы туристлик маршрутлардан бирине айланды.
Сегиз жыл алдын Жиззақтағы жумыс орынларының 42 проценти аўыл хожалығына туўра келген болса, бүгин 310 мыңға шамалас ўәлаят халқы санаат ҳәм сервис тараўларында жоқары дәраматлы жумыслар менен бәнт.
ӨзА