Шыпакер: АИВ инфекциясынан сақланыў көбинесе өзимизге байланыслы

65

1-декабрь – Жер жүзилик АИЖСке қарсы гүресиў күни мүнәсибети менен саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, оған қарсы гүресиў ҳәм профилактикалық үгит-нәсиятлаў жумысларын алып барыў мақсетинде бир қатар илажлар өткерилди.

Қанлыкөл районлық Қорғаныў ислери бөлиминде де Медицина бирлеспеси шыпакерлери тәрепинен АИЖСке қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў бойынша үгит-нәсиятлаў илажы өткерилди.

Онда атап өтилгениндей, АИЖС – бул адам иммунитети жетиспеўшилиги вирусы болып, вирус адамның қорғаныў қуралы болған иммунитет системасын терең жарақатлайды. Бул кеселлик дереги АИВ инфекциясына кеселленген наўқас ҳәм көринисинен саламат вирус тасыўшы адамлар есапланады. АИВ жынысый, қан арқалы (парентерал жол), анадан балаға (вертикал) усылда жуғады. АИВ ты жуқтырған адамда сыртқы сыртынан кеселлиги сезилмейди, инсан өзин саламат сезеди, кеселлик белгилери көринбейди. Кеселликтиң жасырын дәўири 2 жылдан 12 жылға шекем ҳәм оннан да көбирек даўам етиўи мүмкин.

Илажда қәнигелер кеселликтиң алдын алыў бойынша усынысларын билдирип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги