Конституция заманагөй ҳуқықый мәмлекетти қәлиплестириўдиң беккем тийкары

Улыўмахалықлық референдум нәтийжесинде қабыл етилген Өзбекстан Республикасының жаңаланған Конституциясы заманагөй ҳуқықый мәмлекетти қәлиплестириў ушын беккем тийкар болды.
Жаңаланған Конституцияның ең әҳмийетли тәреплеринен бири – жеке ҳәм сиясий ҳуқықлардың қорғалыўын күшейтиў болып табылады. Ҳүжжетте шахстың қол қатылмаслығы, сөз, ҳүждан ҳәм исеним еркинлиги ҳаққындағы нормалар анық беккемленген.
Сондай-ақ, мәлимлемеден пайдаланыў, мәмлекетлик жумысларды басқарыўда қатнасыў ҳәм өз позициясын нызамлы түрде билдириў ҳуқықы белгилеп қойылды. Булардың барлығы адамлардың пуқаралық белсендилигин арттырыў ҳәм мәмлекетлик институтларға исенимди беккемлеўге хызмет етеди.
Конституция пуқаралардың социаллық ҳуқықларына болған қатнасты жаңалап, олардың дизимин сезилерли дәрежеде кеңейтти ҳәм әмелге асырыў механизмлерин күшейтти. Бүгинги күни ҳәр бир инсан ушын сапалы билим алыў, мүнәсип медициналық жәрдем, халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын социаллық қоллап-қуўатлаў, мийнет ҳуқықларын қорғаў ҳәм қәўипсиз мийнет шараятларын жаратыў, кекселер, ҳаял-қызлар ҳәм балаларға мәмлекет тәрепинен ғамқорлық етиў кепилленген. Халықтың мүнәсип турмыс дәрежесин тәмийинлеў ҳәм ҳеш кимди итибардан шетте қалдырмайтуғын шараят жаратыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Соңғы жыллары жәмийетимизде жүз берип атырған жаңа өзгерислер инсан ҳуқықларын қорғаўда жаңаша қатнасықларларды талап етпекте. Сонлықтан Өзбекстан Республикасының жаңа Конституциясында биринши мәрте пуқаралардың санлы ҳуқықлары: жеке мағлыўматлардың қолқатылмаслығы, тармақта жеке өмирдиң қорғалыўы, санлы технологиялардан қәўипсиз пайдаланыў ҳуқықы беккемленди.
Соның менен бирге, кең жәмийетшилик арасында экологиялық ҳуқықларды күшейтиў де әҳмийетли болды. Тийкарғы нызамымызда ҳәр бир инсанның қолайлы қоршаған орталыққа ийе болыўы, сондай-ақ, исенимли экологиялық мәлимлеме алыў ҳуқықы белгиленген. Бул нормалар «жасыл» сиясат ҳәм мәмлекеттиң тәбийғый ресурсларға жуўапкершиликли қатнасын раўажландырыў ушын ҳуқықый тийкар жаратады.
Инсан ҳуқықларын тәмийинлеўде суд системасы тийкарғы орынды ийелейди. Жаңаланған Конституцияда судлар ҳәм судьялардың еркинлиги кепилликлери сезилерли дәрежеде беккемленди. Конституцияда суд қарарларының орынланыўының миннетли екенлиги, суд жумысына араласыўға жол қоймаў, мәмлекетлик уйымлардың ҳәрекетлери үстинен суд қадағалаўы механизмлерин кеңейтиў нәзерде тутылмақта.
Бул илажлар пуқараларға өз ҳуқықларын нәтийжели қорғаў, әдиллик ҳәм ҳуқықый белгилиликти тәмийинлеў имканиятын береди.
Бүгинги күнде Конституция ашық, әдил ҳәм социаллық бағдарланған мәмлекетти раўажландырыўға қаратылған реформалар ушын стратегиялық тийкар болып хызмет етпекте.
Барлық тийкарғы өзгерислер – суд-ҳуқық тараўынан баслап санластырыў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаўды күшейтиўге шекем – конституциялық принциплерге сүйенеди ҳәм пуқаралардың турмыс сапасын арттырыўға қаратылған.
Б.Урумбаев,
Жынаят ислери бойынша Қараөзек районы судының баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги