Жас футболшыларымыз үшинши орынды ийеледи

24

Ташкент қаласында футбол бойынша 16 жасқа шекемги жас өспиримлер арасында  Өзбекстан Футбол Ассосациясының бириншилиги болып өтти.

Жарысқа елимиздиң барлық аймақларынан ең күшли командалар қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара беллести. Әсиресе, бунда республикамыздың жас футболшылары өзлериниң шеберликлерин көрсетип, үшинши орынды жеңип алыўға миясар болды.

Атап айтқанда, дәслепки турда Ташкент ўәлаяты футбол академиясы тәрбияланыўшыларына жеңилип қалған командамыз, екинши ҳәм үшинши турда Ферғананың «Нефтчи» ҳәм Жиззақ футбол академиясы жасларын жеңип шығыўға еристи.

Шерек финалда Наманган ўәлаяты жасларын 1:0 есабында жеңген футболшыларымыз ярым финалда Адил Аҳмедовтың «Адил Жуниор» клубына 1:3 есабында жеңилип қалды.

Қола медалы ушын «Бунёдкор» клубы менен өткен ушырасыўда командамыз ағзалары өзлериниң шеберликлерин көрсетип, өз қарсыласларын 1:0 есабында жеңип шығыўға миясар болды.

Ең қуўанышлы тәрепи сонда, турнирде командамыздың жеңисине өзиниң салмақлы үлесин қосқан команда дәрўазаманы Хожабек Мәтмуратов бириншиликтиң «Ең жақсы дәрўазаманы» номинациясы менен сыйлықланды.

Бириншилик соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом, медаль ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Республикамыздың футбол командасын бул жарысқа тренерлерден Бердибек Шеримбетов, Айдос Мырзамуратов ҳәм Тимур Турдиевлер таярлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшы