Энеш Амангелдийева: “Туризм форумында қатнасыўымыз нәтийжелерге бай болды”

Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиў кейинги жылларда жаңа басқышқа көтерилип, туризм, саўда ҳәм мәдений алмасыў тараўларында кең имканиятлар жаратпақта. Әсиресе, халықаралық көргизбелерде еки мәмлекет компаниялары ҳәм тур агентликлериниң белсене қатнасыўы қоспа жойбарларды әмелге асырыў, жаңа жөнелислерди жолға қойыў ҳәм регионаллық туризм потенциалын және де арттырыўға хызмет етпекте.
Жақында пайтахтымызда өткерилген “Орайлық Азия – Европа Аўқамы” биринши туризм форумында “Turkmen Travel” компаниясының ўәкиллери өз имканиятларын усынды.
Бул ҳаққында компания менеджери Энеш Амангелдийева ӨзАның хабаршысына төмендегилерди айтып берди:
– Биз халықаралық көргизбелерди шөлкемлестириў ҳәм ири илажларды әмелге асырыў менен шуғылланамыз. Сол себепли, бул форумда Түркменстанның миллий павильонын шөлкемлестирип, имканиятларымызды биринши мәрте усындық. Бизиң қатнасыўымыз тиккелей апрель айында болып өтетуғын “Turkmen Travel” халықаралық көргизбесине таярлықтың бир бөлеги есапланады.
2026-жыл 14-16-апрель күнлери өткерилетуғын бул илаж шеңберинде сырт ел компаниялары, тур операторлары ҳәм агентликлери ушын кең имканиятлар бериледи. Сондай-ақ, быйыл биринши мәрте Өзбекстанда халықаралық туризм көргизбесин де шөлкемлестириўге киристик ҳәм биз оның рәсмий презентациясын әмелге асырмақтамыз. Соның ушын, бул жерге келгенимизди оғада әҳмийетли қәдем, деп билемен.
Ашхабадта өткерилетуғын көргизбе ҳаққындағы биринши рәсмий мағлыўматты Өзбекстанда усыныс еткенимизди атап өтиў керек. Мен форум шеңберинде болып өткен илажларда спикер сыпатында шығып сөйлеп, көргизбениң мақсет ҳәм ўазыйпаларын толық түсиндирип бердим.
Бизиң тур агентликлеримиз де тур өнимлерин таныстырыў, өзбек туроператорлары менен бирге ислесиў шәртнамаларына қол қойыў, қоспа жөнелислер жаратыў, жаңа маршрутлар ислеп шығыў мақсетинде қатнасты. Бул өз-ара әмелий бирге ислесиў бир ўақытлары Жипек жолындағы саўда-мәдений байланыслардың избе-из даўамы сыпатында оғада үлкен әҳмийетке ийе.
Өзбекстан менен шегаралас мәмлекет сыпатында бизиң өз-ара туризм алмасыўымыз жүдә қолайлы ҳәм нәтийжели болып есапланады. Өзбек туристлери Түркменстанның тарийхый ҳәм мәдений мийрас объектлерине қыйыншылықларсыз барады. Соның ушын да биз миллий павильонымыз бенен бул илажда қатнасыўды әҳмийетли, тарийхый қәдем, деп қабыл етемиз. Бул жерде Ашхабадтан жети компания, сондай-ақ, Лебап ўәлаяты ҳәм басқа да аймақлардан келген агентликлер де өз жумысын көрсетти.
Расын айтсам, нәтийжелерди күтилгенинен де жоқары баҳалайман. Тур операторларымыз бир қатар өзбек компаниялары менен бирге ислесиў шәртнамаларына қол қойды. Сондай-ақ, Япония, Таиланд сыяқлы мәмлекетлерден келген халықаралық қатнасыўшылар да бизиң апрель айындағы көргизбемизде қатнасыўға қызығыўшылық билдирип, Ашхабадтағы илаж ушын стендлер бәнт етти. Бул болса еки мәмлекет арасындағы экономикалық ҳәм туризм тараўындағы қатнасықларды жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.
Әлбетте, келеси жылы да бул көргизбеде қатнасыўды режелестирип атырмыз. Шегара мәселелерине келсек, ҳүжжетлер бойынша ҳеш қандай машқала жүзеге келмеди, еки тәрепте де өтиў жүдә аңсат өтти. Келеси жылы Ашхабад-Ташкент тиккелей авиақатнаўлары ашылады, деп үмит етемиз. Ҳәзирше бундай рейс жоқ. Жақында Президентимиз Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының саммитинде қатнасқанында бул бағдар бойынша келисимге қол қойылғаны да айтылды. Егер рейслер ашылса, еки мәмлекет туристлери ушын имканиятлар және де кеңееди.
Қыйыншылықлар ҳүжжет ямаса рәсмий талапларға байланыслы емес, тийкарынан жол инфраструктурасына байланыслы. Бирақ бул бирге ислесиўимизге кесент етпейди. Керисинше, ҳәр еки мәмлекет арасындағы дослық қатнасықлар ҳәм ашық сөйлесиў бизди және де жақынластырмақта.
Насиба Зиёдуллаева, ӨзА