Тилге итибар – елге итибар: байрам илажы болып өтти

56

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 1-декабрь – Қарақалпақ тили байрамы күни ҳәм қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 36 жыл толыўына арналған байрам кешеси болып өтти.

Илажда Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илимий-изертлеў институты профессоры П.Нажимов, профессорлар Қ.Қошанов, Г.Қурбаниязов ҳәм басқалар қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилиўиниң тарийхы, түркий тиллер системасында қарақалпақ тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы орны, бүгинги күнде ушырасып атырған машқалалар, алдағы ўазыйпалар, интернет тармағында қарақалпақ тилин раўажландырыў мәселелери бойынша баянат жасады.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде дүньяда алты мыңнан аслам тиллер болғаны менен, олардың тек 170 тен асламы өзиниң мәмлекетлик тил статусына ийе. Олар арасында қарақалпақ тилиниң де бар екенлиги үлкен қуўаныш ҳәм мақтаныш. Қарақалпақ тилиниң миллий өзгешеликлерин сақлап қалған ҳалда раўажландырыў, илимий-изертлеў жумысларын жаңа басқышқа көтериў, дүнья тиллери қатарында абырай-мәртебесин арттырыў, келешек әўладларға сап ҳалында жеткериў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң қоллап-қуўатлаўы менен «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзилигиниң VII томлығы» баспадан шығарылды.

Илаж шеңберинде институтта байрам мүнәсибети менен бир қатар мәдений-ағартыўшылық илажларын шөлкемлестириўге белсене қатнасқан профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жасларға ҳүрмет жарлығы менен байрам саўғалары тапсырылды.

Байрам кешеси институттың «Тумарис» халық ансамбли ағзалары, филология факультетиниң қәбилетли студентлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги