Қысты зыянсыз өткериў турақлы итибар талап етеди

47

Өзбекстанда жанылғы-энергетика тараўын түп-тийкарынан реформалаў бағдарындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы принциплеринен бири халықтың талапларын ең жоқары дәрежеде қанаатландырыў ҳәм олардың турмыс сапасын арттырыў болып есапланады.

Усы мәниде, Қарақалпақстан Республикасында алып барылып атырған жумыслар мәмлекет көлеминдеги реформалар менен үнлес ҳалда өтпекте. Бул болса жергиликли ҳәкимият уйымлары ҳәм жәмийетшиликтиң өз-ара бирге ислесиўдеги ҳәрекетлериниң нәтийжеси сыпатында баҳаланбақта.

Елимиздеги барлық тараўлар сыяқлы бул система тармақларында барлық насазлықларды анықлаў ҳәм сапластырыў, алдымыздағы мәўсимди қәўетерсиз өткериў, халыққа бул бағдарда қолайлық жаратыўға қаратылған илажлар избе-из әмелге асырылмақта.

Онда Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 21-июльдеги “Экономика тармақлары, социаллық ҳәм энергетика тараўы объектлери және көп квартиралы турақ жай фондын 2025-2026-жыллар қысқы дәўиринде турақлы ислеўге таярлаўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында”ғы қарары әҳмийетли ҳуқықый тийкар болмақта. Атап өтиў орынлы, усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша қадағалаў механизми жолға қойылып, республикамыз аймағындағы коммуналлық ҳәм социаллық объектлердиң және турақ жайлардың 2025-2026-жылларда гүзги-қысқы мәўсимин зыянсыз өткерилиўин тәмийинлеў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Штаб шөлкемлестирилген.

Бул штабта социаллық тараў объектлерин энергия ресурслары ҳәм ишимлик суўы менен үзликсиз тәмийинлеў, бул бағдардағы машқалалы жағдайларды жеделлик пенен сапластырыў мақсетинде “1055” қысқа номери шөлкемлестирилип, мүрәжат ҳәм усыныслар күни-түни қабыл етилмекте. Усы күнге шекем бул исеним телефонына 249 мүрәжат келип түскен болып, соннан 242 мүрәжат өз шешимин тапқан, қалған 7 мүрәжат бүгинги күнде процесте.

Суўық күнлер жақынлаған сайын орынларда гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумыслары жеделлеседи. Ўақыт ғәниймет, коммуналлық система тармақларында барлық насазлықларды анықлаў ҳәм сапластырыў алдымыздағы мәўсимди тәшўишсиз өткериўге хызмет етеди. Усы мақсетте республикамызда быйылғы жылдың өткен дәўиринде 255 көп қабатлы турақ жайлар және 2 қазан ҳәм 0,7 километр ыссылық тармақлары толық ҳәм ағымдағы түрде оңланып, реже 100 процентке орынланды. Мәмлекет бойлап улыўма узынлығы 2 мың 400 километрден аслам болған электр жеткерип бериў тармақлары ҳәм 730 трансформатор пункти толық және 4 мың 500 километрге шамалас электр жеткерип бериў тармақлары ҳәм 1 мың 587 трансформатор пункти ағымда оңланды. Тәбийғый газ тәмийнатында республикадағы 8,5 километр газ тармақлары ҳәм 25 дана газ бөлистириў пунктлери толық оңланды және 61,3 километр газ тармақлары реконструкцияланды нәтийжеде 34,1 мың халықтың газ тәмийнаты жақсыланды. Ишимлик суўы тәмийнатында 45,2 километр ишимлик суў тармақларын ҳәм 95 дана насос үскенелерин капитал ҳәм ағымдағы оңлаў жумыслары алып барылды. 2025-2026-жыллар гүзги-қысқы мәўсими ушын социаллық тараў объектлери ҳәм халықтың турақ жайларының 125 тоннаға шамалас көмир резерви қәлиплестирилип, 17-сентябрьден баслап жеткерип бериў басланды.

Елимиздиң ҳәр бир аймағында гүзги ҳәм қысқы мәўсимге таярлық көриў бағдарындағы әмелий жумыслар даўам еттирилмекте. Атап айтқанда, Социаллық тараў объектлерин гүзги-қысқы мәўсимге таярлаў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 7-майдағы қарарына тийкарланып, 2025-2026-жылларда стандарт емес, ыссылық энергиясы жоғалтыўлары бар ҳәм тәбийғый газден пайдаланыўы жоқары болған 670 социаллық объекттеги 803 ысытыў қазанлары және 4 мың 961 газ горелкаларын алмастырыў ҳәм автоматластырылған қурылмалар орнатыў белгиленген. Соннан 792 ысытыў қазаны ҳәм 2 мың 77 газ горелкасы алмастырылды ҳәм автоматластырылды. 9,7 миллиард сум қаржы есабынан 467 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине 889 дана гелио коллекторлар орнатыў жумыслары алып барылмақта.

Сондай-ақ, бул қарарда Қоңырат ҳәм Шымбай районларындағы 8 социаллық ҳәм мәмлекетлик шөлкемлерде 47 млрд 970 млн сум қаржы есабынан капитал оңлаў ҳәм реконструкциялаў жумысларын алып барыў белгиленген. Бүгинги күнде бул объектлердиң жойбарлаў-смета ҳүжжетлери ислеп шығылып, Австрия ҳүкиметиниң гранты есабынан “ILF Konsalting Injineers” халықаралық компаниясына көрип шығыў ушын усынылған.

Министрлер Кеңеси тәрепинен жумысшы топар дүзилип, социаллық тараў объектлериниң ҳәм көп қабатлы турақ жайлардың ысытыў қазанлары ҳәм имаратлардың төбесинде де гүзги-қысқы мәўсимге таярлық көриў бойынша әмелий жумыслар қызғын даўам етпекте. Бул бағдардағы бағдарламаларға муўапық 18 миллиард 839,4 миллион сум қаржы есабынан өткен жылға салыстырғанда көбирек көлемдеги жумыслар, режелер әмелге асырылыўы белгиленген. Бүгинги күнге шекем 673 ысытыў қазанлары орнатылды, 22 мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери имаратларының төбеси оңланды, 213 көп қабатлы турақ жайларды оңлаў жумыслары жуўмақланды. Сондай-ақ, “Көк өзек” МПЖ аймағындағы 25 көп қабатлы турақ жайды ҳәм 2 социаллық тараў объектин орайласқан ыссылық энергиясы менен тәмийинлеў мақсетинде 3 жаңа қазан орнатыў ҳәм 3,5 километр узынлықтағы ыссылық тармақларын тартыў жумыслары алып барылды.

Аймақларда 67 трансформатор, дерлик 68 тонна трансформатор майы, 9,8 километр кабель, 4,7 тонна сым, 546 таяныш бағана, 265 аўысық бөлек ҳәм муфталар резерви жаратылды. Тәбийғый газ бойынша 535 метр ҳәр қыйлы диаметрдеги газ трубалары, 20 дана задвижка, 49 дана кран, 32 дана монометр, 403 килограмм карбид, 70 килограмм электрод, сондай-ақ, ишимлик суўы бойынша 160 килограмм трансформатор майлары, 100 метр кабель, 21 қудықтың темир бетон қақпағы, 34 муфта ҳәм басқа да резервлер жәмленген.

Барлық аймақ ҳәм тармақларда энергияны үнемлеў жумыслары әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, 127 реактив компенсатор қурылмасы орнатылып, 20 мың 438 шаңарақта еки басқышлы газ системасына өткериў, 28 мыңнан аслам үнемлеўши газ үскенелерин орнатыў ҳәм басқа да шөлкемлестириў-техникалық илажлар әмелге асырылды. Сондай-ақ, көрилген илажлар нәтийжесинде 64,6 МВт қуяш панели ҳәм 66,7 мың литр гелио коллектор орнатылды ҳәм 98,6 миллион куб метр газ ҳәм 95,97 миллион кВт саат электр энергиясы үнемленди.

Нөкис қаласы ҳәм районлардағы 24 мәҳәлледе жәми 9 мың 530 кВт қуўатлылыққа ийе қуяш фотоэлектр станцияларын (ФЭС) қурыў белгиленди. Бул ФЭСлерди қурыў ушын зәрүр болған 12,6 гектар жер майданлары Энергетика министрлигине турақлы пайдаланыў ҳуқықы менен ажыратылды.

Бул жумыслардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде мәҳәллелерде жасайтуғын жәми 37 мың 552 шаңарақ, соннан 7 мың 303 кәмбағал шаңарақ ағзалары үлесшилер сыпатында тартылып, қуяш фотоэлектр станцияларына хызмет көрсетиў ушын оқытылады ҳәм жумысқа қабыл етиледи.

Халықты сапалы электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ бенен тәмийинлеў ҳәр бир мәҳәлледе, ҳәр бир район ҳәм қалаларымыз бойлап жылдың ақырына шекем даўам етеди. Бирақ жеткерип берилип атырған электр ҳәм газден пайдаланыўда қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиў ҳәзирги күнде ең әҳмийетли ўазыйпа болып қалмақта. Ашынарлысы, пуқараларымыздың қолдан таярланған ямаса техникалық талапларға жуўап бермейтуғын үскенелерден пайдаланыўы нәтийжесинде 2 жағдайда 5 пуқара ийис газинен зәҳәрленип қайтыс болды.

Буның себеплери үйренилгенде олар үйлеринде газден пайдаланыўда немқурайдылық пенен қатнаста болып, техникалық шәртлерге толық әмел етпегени нәтийжесинде усы кеўилсиз жағдайлар келип шыққан. Республикамызда усындай апатшылықлардың алдын алыў мақсетинде тийисли шөлкемлер менен биргеликте, халықтың турақ жайларының ысытыў қазанларының морыларын алмастырыў жумысларын шөлкемлестириў бойынша илажлар белгилеп алынды.

7 мың 714 кем тәмийинленген, социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралардың шаңарақларындағы ҳәм халықтың шаңарақларының өз қаржылары есабынан 15 мың 428 морыны алмастырыў, районларда шөлкемлестирилген 90 отряд тәрепинен 128 мың 861 морыны тазалаў жумыслары алып барылды.

Улыўмаластырып айтқанда, мәўсим даўамында тутыныўшыларды энергия, газ ресурслары менен турақлы тәмийинлеў, гүзги-қысқы мәўсимди зыянсыз өткериў мақсетинде барлық имканиятлар мобилизацияланбақта.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы