Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы халықаралық “Prix Avicenne 2025” сыйлығына миясар болды

53

Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы Европаның абырайлы сыйлықларынан бири – “Prix Avicenne 2025” (Авиценна сыйлығы) на миясар болды, деп хабар бермекте усы орайдың мәлимлеме хызмети.

Салтанатлы мәресим Париждеги Франция Миллий медицина академиясы имаратында болып өтти. Онда жетекши илимпазлар, медицина тарийхшылары, шығыстаныўшылар, ислам мийрасы бойынша қәнигелер ҳәм Европа мәдений мәкемелериниң ўәкиллери қатнасты. Рәсмий мәжилис даўамында Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайына уллы Авиценна естелик статуэткасы ҳәм сыйлық дипломы тапсырылатуғыны жәрияланды.

Француз илимий топары айрықша атап өткениндей, Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен шөлкемлестирилген орайдың жумысы – адамзат тарийхындағы уллы илимпазлардан бири Ибн Синаның мийрасын үйрениўде заманагөй қатнастың үлгили мысалы болды. Академия ўәкиллери Өзбекстан бүгин тек ғана өзиниң мәдений-илимий өтмишине емес, ал дүнья гуманитар илимлерине де ғамхорлық етип, салмақлы үлес қосып, жаңа кең көлемли жойбарларды, изертлеў стандартларын, реставрациялаў, каталогластырыў ҳәм ислам интеллектуаллық мийрасын үгит-нәсиятлаўды алға қойып атырғанын атап өтти.

Француз илимпазларының пикиринше, орайда жаратылған экспозиция Авиценна мийрасын үйрениў ҳәм изертлеўди жаңа басқышқа алып шығып, Өзбекстанды бул тараўда жетекши майданға айландырмақта.

– Бул сыйлық ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң кең көлемли жумысына халықаралық тән алыныўдың және бир айқын тастыйығы болып хызмет етеди,-деди Ислам цивилизациясы орайының директоры, Өзбекстан мәдений мийрасын сақлаў, үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў бойынша Жәҳән жәмийетиниң баслығы Фирдавс Абдухолиқов өзиниң шығып сөйлеген сөзинде. – “Prix Avicenne” – бул орайдың илимий ҳәм билимлендириў мазмунын қәлиплестирип атырған жүзлеген миллий ҳәм сырт елли илимпазлар, изертлеўшилер, аўдармашылар ҳәм экспертлердиң мийнетине жоқары ҳүрмет ҳәм мүнәсип баҳа. Биз буннан былай да халықаралық изертлеўлерди кеңейтиўди, илимий байланысларды беккемлеўди ҳәм Авиценна және елимиздиң барлық уллы ойшылларының мийрасына бағышланған жумысларды даўам еттиремиз.

Мағлыўмат орнында: Францияның жетекши илимий шөлкемлери тәрепинен шөлкемлестирилген “Prix Avicenne” сыйлығы гуманитар ҳәм тәбийғый пәнлерде ерисилген әҳмийетли жетискенликлер және тарийхый ҳәм илимий мийрасты сақлаў ҳәм үгит-нәсиятлаўға қосылған үлес ушын бериледи.

ӨзА