Жаңа жылда тийкарғы салықлар муғдары өзгериссиз қалады

16

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы “Адолат” СДП фракциясының мәжилисинде дәслеп “Судьялар жәмийетшилиги уйымлары жумысының нәтийжелилигин ҳәм ашық-айдынлығын арттырыў және суд еркинлиги кепилликлерин буннан былай да күшейтиў илажлары ҳаққында”ғы Президент пәрманының мазмун-мәниси додаланды.

Атап өтилгениндей, партия бағдарламасында судларды инсан ҳуқықларының ҳақыйқый қорғаўшысына айландырыў тийкарғы ўазыйпа сыпатында орын алған. Бул ҳүжжет партияның идея ҳәм мақсетлерине үнлес болып, ол суд-ҳуқық тараўындағы реформалардың логикалық даўамы екени атап өтилди.

Буннан соң депутатлар “2026-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджет ҳаққында”ғы нызам жойбарын көрип шықты. Бул мәселе бойынша экономика ҳәм қаржы министриниң орынбасары Гулнора Раҳимова толық мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, дүнья экономикасындағы кескин өзгерислерге қарамастан, Өзбекстан экономикасы турақлы өсиўди даўам еттирмекте. 2024-жылы мәмлекет экономикасы 6,5 процентке өсип, 115 миллиард АҚШ долларына жеткен болса, усы жылы бул көрсеткишлер 7 процентке ҳәм дерлик 136 миллиард АҚШ долларына жетиўи күтилмекте. Бул көрсеткишти 2026-жылы 6,6 процентке, 2027-2028-жылларда болса сәйкес түрде 6,8-6,9 процентке жеткериў мақсет етилген.

Келеси жылы тийкарғы салықлардың муғдары өзгериссиз қалатуғыны атап өтилди. Соның ишинде, ҚҚС 12 процент, физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы 12 процент муғдарында қалмақта.

Додалаўларда депутатлар социаллық тараўға бағдарланып атырған қаржылар ҳәм басқа да халықтың турмыс абаданлығын арттырыўға қаратылған мақсет ҳәм ўазыйпаларға итибар қаратты. Мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң 25,5 проценти муғдарындағы қаржылар билимлендириў ҳәм илим тараўы, 12,1 проценти денсаўлықты сақлаў ҳәм 4,2 проценти халықты социаллық қорғаў қәрежетлери ушын ажыратылатуғыны өз көринисин таппақта.

Додалаўлар даўамында фракция ағзалары келеси жылы “Спинал булшық ет атрофиясы” диагнозы қойылған наўқас балаларға медициналық-социаллық жәрдем көрсетиў ҳәм дәри-дәрмақларды бийпул жеткерип бериў, адамның иммунитет жетиспеўшилиги вирусы келтирип шығаратуғын кеселликтиң тарқалыўына қарсы гүресиў бойынша қосымша илажларды қаржыландырыў мәселесине айрықша итибар қаратты.

Муҳтарама Комилова, ӨзА