Қылышпазларымыз Франциядағы Гран-приде қатнасады
17

4-6-декабрь күнлери Францияның Орлеан қаласында қылышласыўдың сабля бағдары бойынша Гран-при турнири өткериледи.
Пүткил жер жүзиниң 43 мәмлекетинен 400 ден аслам спортшылар беллесетуғын бул абырайлы жарыста Өзбекстан сайланды команда ағзалары да қатнасады. Әҳмийетли тәрепи сонда, Өзбекстан сайланды командасының қурамында, республикамыз ўәкиллеринен ерлер арасында Муса Аймуратов, Исламбек Абдазов, Алпамыс Орақбаев, ҳаял-қызлар арасында Зайнаб Дайыбекова, Гүлистан Пердебаева ҳәм Наргиза Жақсыбаевалар қатнасады.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшы