Улбосын Президент олимпиадасында алтын медальды қолға киргизди

76

Ташкент қаласында өткерилип атырған «Президент Олимпиадасы» спорт жарысларында кеше де спорттың бир неше түрлери бойынша финаллық беллесиўлер болып өтти.

Атап айтқанда, бокс бойынша қызлар арасында өткерилген финаллық беллесиўлерде республикамыз ўәкили Улбосын Жалғасбаева Ташкент қаласы спортшысын жеңип шығып, алтын медаль ийесине айланды.

Ал, Гүлчехра Қолдасбаева ҳәм Ажар Нураддиноваларға бираз әўмет ҳәм тәжирийбе жетиспеди ҳәм олар финалда жеңилип қалып, гүмис медаль менен сыйлықланды.



Сондай-ақ, кеше таэквондо WT бойынша да финал беллесиўлеринда жерлесимизден Мақсет Оңғарбаев гүмис, Әжинияз Әсенбаев, Феруза Ерназарова, Севарис ҳәм Гүлбану Орынбаевалар қола медальларына миясар болды.

Соны айтып өтиўимиз керек, буннан алдын таэквондо WT түринен өткерилген беллесиўлерде жерлеслеримизден Раббония Русланова алтын, Шахзада Базарбаева ҳәм Искендер Мадреймовлар гүмис медальды жеңип алған еди

Жас боксшилеримизди бул жарысқа Саламат Алаханов, Мир Бекбаўлиев, Алишер Мадреймов, таэквандо бойынша  Бабур Атамуратов, Низаматдин Далибаев, Памир Султанов, Данияр Бекбергенов, Айбек Абдуллаев,  Жалғас Ержановлар таярлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшы