Келеси жылы социаллық тараўларға 220 триллион сум ажыратыў режелестирилмекте

Халық демократиялық партиясы фракциясының мәжилисинде 2026-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет жойбары додаланып, депутатлар тийкарғы итибарды қаржылардың социаллық бағдарланғанлық жағдайына қаратты.
Атап өтилгениндей, келеси жылы социаллық тараўларға 220 триллион сум ажыратыў режелестирилген болып, бул жәми қәрежетлердиң 54,7 процентин қурайды. Бул қаржының 100,3 триллион сумын билимлендириўге ажыратыў нәзерде тутылған ҳәм бул усы жылдағыға салыстырғанда 8,1 триллион сумға көп. Онда бақшалардың қәрежети 20 процентти, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў қәрежетлери болса 16,7 процентти қурайды.
– Мәмлекетлик бюджет жойбарын көрип шығыўда тек ғана қаржылар ажыратыў емес, ал бул қаржыларды қалай жумсаў механизмлерин де додаладық, – дейди ХДП фракциясының ағзасы Фирдавс Шарипов. – Бюджет қәрежетлеринде социаллық тараў ушын ажыратылған қәрежетлерге айрықша итибар қараттық. Қуўанышлы тәрепи, билимлендириў, медицина, халықты социаллық қоллап-қуўатлаў бағдарларына бағдарланып атырған бюджет қаржыларының көлеми жылдан-жылға көбейип бармақта. Бул болса партиямыз электораты ўәкиллериниң мәплери ушын хызмет етеди.
Сондай-ақ, мәжилисте 2026-жылдан баслап академиялық лицей ҳәм техникумларды сақлаў, улыўма билим бериў мектеплерин қурыў, оңлаў жумысларын қаржыландырыў республикалық бюджеттен жергиликли бюджетлерге өткерилип атырғаны атап өтилди. Жергиликли бюджетлерде қалдырылып атырған түсимлер усы қәрежетлерге қаратылыўы режелестирилген.
Муҳтарама Комилова, ӨзА