Өзбекстан 2026-жылы 5 миллиард долларға шекем сыртқы қарыз тартыўы күтилмекте

16

ӨзЛиДеП фракциясының мәжилисинде көрип шығылған “2026-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында”ғы нызам жойбары қызғын додалаўларға себеп болды.

Нызам жойбарына бола, 2026-жылы консолидацияласқан бюджет жетиспеўшилигиниң жоқары шегарасы жалпы ишки өнимге салыстырғанда 3 процент етип белгиленбекте.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы атынан ҳәм Өзбекстан Республикасының кепиллиги астында сыртқы қарызларды тартыў бойынша жыллық қол қойылатуғын жаңа келисимлердиң жәми шекленген көлеми 5 миллиард АҚШ доллары, соннан Мәмлекетлик бюджетти қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, дефицитти қаржыландырыў ушын 2,5 миллиард және инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў ушын 2,5 миллиард АҚШ доллары муғдарында белгиленбекте.

Буннан тысқары, мәмлекетлик қарыз портфелин диверсификациялаў ҳәм валюта қәўип-қәтерлерин азайтыў мақсетинде 2026-жыл ушын Өзбекстан Республикасы атынан шығарылатуғын мәмлекетлик баҳалы қағазлардың шекленген сап көлеми 30 триллион сум муғдарында белгиленбекте.

Мәмлекет тәрепинен миннетлемелер қабыл етилиўи (сатып алыныўы ямаса төлениўи) ҳәм мәмлекет тәрепинен тастыйықлаў хатлары берилиўи талап етилетуғын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик принциплери тийкарында қол қойылатуғын барлық жаңа жойбарлардың баҳасының шекленген муғдары болса 6,5 миллиард АҚШ доллары муғдарында белгиленбекте.

Салық сиясатында әмелдеги салық ставкалары өзгериссиз қалыўы айтып өтилди. Депутатлар бюджет жойбары бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

Сондай-ақ, мәжилисте Президентимиздиң бюрократияны азайтыў мәселелерине бағышланған халықаралық форумның ашылыў мәресиминдеги шығып сөйлеген

Муҳтарама Комилова, ӨзА