Ҳуқықый саўатлылықты арттырыўға қаратылған ушырасыў

67

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Ҳаял-қызларға болған зорлықты сапластырыў халықаралық күни мүнәсибети менен өткерилип атырған 16 күнлик глобаллық акция шеңберинде ушырасыў болып өтти.

“Ҳаял-қызларға қарсы санлы зорлыққа шек қойыў ушын бирлесейик” атамасында шөлкемлестирилген илажда Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш билимлендириў факультетиниң тюторлары ҳәм студент-қызлар қатнасты.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жәмийетлик қәўипсизлик хызмети ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармасы баслығының орынбасары, подполковник Хурзада Рейимқулова, Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў орайының баслығы Сайёра Насирова, институт ректорының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Сайёра Бекчанова ҳәм басқалар ҳаял-қызлар арасында ушырасатуғын зорлық түрлери, оның социаллық ақыбетлери, сондай-ақ, бундай жағдайлардың алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған мәмлекетлик сиясат ҳәм комплексли илажлар ҳаққында толық мағлыўмат берди.

Қәнигелер тәрепинен ҳуқықый мәдениятты арттырыў, шаңарақлық қатнасықларда саламат орталықты қәлиплестириў, тартыслы жағдайларды тыныш жол менен шешиў бойынша усыныслар билдирилди.

Сондай-ақ, қатнасыўшыларға “Қорғаў ордери,” “Исеним телефоны,” “Ҳаял-қызлар дәптери,” “Темир дәптер” сыяқлы системалар арқалы көрсетилип атырған әмелий жәрдемлер, машқалалы жағдайларда мүрәжат етиў тәртиби де түсиндирилди.

Илаж даўамында студент-жаслар менен ашықтан-ашық сөйлесиў өткерилип, олардың сораўларына қәнигелер тәрепинен толық жуўаплар берилди.

Қатнасыўшылардың итибарына ҳаял-қызларды күш көрсетиў ҳәм зорлықтан қорғаўға қаратылған видеороликлер көрсетилди.

ӨзА