Бийдай тәрбиясы ушын әҳмийетли мапаз басланды

Бүгин Қараөзек районындағы “Әмирбай ата” фермер хожалығында атыз шетлеринен нәтийжели пайдаланыў ҳәм келеси жыл зүрәәти ушын гүзги бийдай тәрбиясына бағышланған әмелий семинар шөлкемлестирилди.
Оған район ҳәкими, тараў ўәкиллери ҳәм фермерлер қатнасты.
Семинарда Президентимиздиң 2024-жыл 30-декабрьдеги «Аўыл хожалығы майданларындағы қосымша имканиятлардан пайдаланған ҳалда өним жетистириўди көбейтиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы шеңберинде аўыл хожалығында алып барылып атырған жумыслар додаланып, атыз шетлеринен нәтийжели пайдаланыў, егинлерди өз ўақтында азықландырыў ҳәм суўғарыў бойынша усыныслар берилди. Сондай-ақ, зыянкеслерге қарсы гүресиў, жапырақтан азықландырыў ҳәм агротехникалық илажлар келеси жыл өнимдарлығы ушын әҳмийетли фактор екенлиги атап өтилди.
Семинар жуўмағында қатнасыўшылар “Айтбай жери” ЖШЖ аймағына барып, бағ қатарлары арасында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.
Нөкис районындағы “Дийқан арна” мәкан пуқаралар жыйынында да усы мәселелерге бағышланған әмелий-семинар болып өтти. Илажда район ҳәкими, тараў басшылары ҳәм фермер хожалықлары қатнасты.
Семинарда атызға жергиликли төгин шығарыў, азықландырыў ҳәм суўғарыў жумысларын нәтийжели жолға қойыў, бос жерлерге тоқсанбасты егинлерди жайластырыў, гүзги бийдай тәрбиясы, зыянкеслерге қарсы гүресиў, жапырақтан азықландырыў ҳәм агротехникалық илажларды дурыс орынлаў бойынша әмелий көрсетпелер берилди. Қәнигелер быйыл қыс мәўсиминиң жыллы басланыўы бийдай ушын сезилерли тәсир ететуғынын айрықша атап өтти.




Семинар даўамында бағларда қатар аралары бос майданларынан пайдаланыў, тоқсанбасты егинлердиң түрлери ҳәм оларды тәрбиялаў талаплары әмелий мысаллар тийкарында түсиндирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги