Мүрәжатлар итибарсыз қалдырылмайды

70

Ҳәр айдың соңғы ҳәптеси парламент депутатлары ушын айрықша әҳмийетке ийе. Себеби, усы күнлери депутатлар орынларға шығып, сайлаўшылар менен ашық сөйлесиўлер өткереди. Бул ушырасыўларда пуқаралар өзлерин қыйнап атырған мәселелерди ашық айтады, усыныс ҳәм пикирлерин билдиреди.

Ең әҳмийетлиси, мүрәжатлар тыңланады, машқалалар шешимсиз қалмайды. Нызамшылық палатасының депутаты Гулжан Халмуратованың сайлаўшылар менен ушырасыўы Шоманай районынан басланды.

Дәслепки мәнзил райондағы “Бирлешик” АПЖ болды. “Бирлешик” АПЖ Шоманай районы орайынан 28 километр қашықлықта жайласқан болып, бул жерде 4 мыңнан аслам адам жасайды. Мәҳәлле турғынлары тийкарынан дийқаншылық ҳәм шарўашылық пенен шуғылланады. “Бирлешик” АПЖ 11 аўылды өз ишине алып, бул аўыллар 25 көшеден ибарат. Улыўма жер майданы 310 гектар. Соннан 179 гектары қыйтақ жерлер болып есапланады.

Мәҳәлле аймағындағы 205 хожалық ҳәм 1 мың 125 адам қыйтақ жерлерин суўғарыўда суўдың жоқлығынан қыйналып атарған еди. Усы қыйтақ жерлерди суўғарыўда суў насосын  ҳәм қуяш панелин орнатып бериўде жәрдем сорап мүрәжат еткен еди. Бул машқаланы халық ўәкили ҳәр тәреплеме үйренип шығып, грант жазыў кереклигин усыныс етти. Олий Мажлис жанындағы пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды тәрепинен “Бирлешик” АПЖға 170 млн. сум қаржы ажыратылып, “SHIMGE 500” атамасындағы 32 квт.лық 2 суў насосы ҳәм қуяш панели орнатып берилди.

Енди 205 хожалық өз қыйтақ жерлерин суўғарыўда, халықтың қыйтақ жерден пайдаланыўында ҳәм шаңарағына дәрамат алып келиўине шараят жаратылды. Депутаттың жәрдеми менен машқала өз шешимин тапты. Халық ўәкили усы мәҳәлледеги мәмлекетлик грант тийкарында исленген жумысларды көзден өткерип, мәҳәлле туғынлары менен жақыннан пикирлесип, олардың мәҳәлле инфраструктурасын буннан былай да жақсылаў бағдарындағы пикир ҳәм усынысларын тыңлады. Көтерилген мәселелер қадағалаўға алынды.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Гулжан Халмуратованың ушырасыўы Қанлыкөл районында да даўам етти. Дәслеп халық ўәкили райондағы “Арзымбетқум” АПЖда жасап атырған өз қыйтақ жерлеринен үнемли пайдаланып киятырған шаңарақ ийелери менен сәўбетлести. Усы мәҳәллениң турғыны С.Өтепбергенов ҳәм оның өмирлик жолдасы П.Үсенова пенсияға шыққанына қарамастан бағшылық пенен шуғылланып, үй алды қыйтақ жеринен үнемли пайдаланып киятырған қыйтақ жер ийелеринен бири. “Қыйтақ жер – қосымша дәрамат дереги” екенин билген хожалық ийелери үй алды қыйтақ жерине ҳәр қыйлы мийўели терек нәллери ҳәм қулпынайдың түрли сортларын егип жетистирип атыр. Халық ўәкили шаңарақ ийеси менен сөйлесип, бағшылықтың өзине тән сырлары, ыссыханада жетистирилип атырған өнимлер, қулпынай егиў ҳәм оны жетистириўдиң сырлары менен ортақласты. Депутаттың кейинги мәнзили “Мәденият” МПЖ болды. Усы мәҳәлледе жасаўшы пуқара Үмитгүл Сейтова келини Нилуфар Узақбаеваны Республика көлеминде үлкен операция жолы менен емлеўде әмелий жәрдем сорап мүрәжат еткен еди. Келини Н.Узақбаева автоавария ақыбетинде бас сүйеги аўыр жарақатланып, маңлай сүйеги езилип кеткенлиги, соны Әндижан ўәлаятындағы орайлық емлеўханада операция ислеўде жәрдем сораған еди. Депутат дәрҳал тийисли шөлкемлер менен сөйлесип, Олий Мажлис жанындағы пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды тәрепинен тийисли жәрдемлер берилип, пуқара Әндижан ўәлаятында операция исленди ҳәм операциясы табыслы өтти. Халық ўәкили усы пуқараның үйине барып, оның жағдайынан хабар алды.

Ҳақыйқатында да ҳәр бир мүрәжаттың артында инсан қәдири турғанын аңлаў қыйын емес. Орынларда бул бағдардағы саўаплы жумыслар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги