АИЖС профилактикасына бағышланған ушырасыў өткерилди

77

Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында, 1-декабрь – Пүткил жер жүзилик АИЖСке қарсы гүресиў күни күни мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы  Президенти тәрепинен «Халықтың саламатлығын ҳәм миллет генофондын нәшебентлик ҳәм наркожынаятлардан нәтийжели қорғаў бойынша комплексли илажлар ҳаққында»ғы пәрманының әҳмийетин кеңнен түсиндириў мақсетинде, тийисли тараў қәнигелериниң қатнасыўында студентлер менен ушырасыў болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы АИЖСке қарсы гүресиў орайы шыпакери В.Кличова, Қарақалпақстан Республикасы наркология диспансери шыпакери А.Жалилов ҳәм филиалдыӊ профилактика инспекторы, капитан Р.Исмайловлар студентлерге Президент Пәрманының әҳмийети, нәшебентлик затлардың инсан саламатлығына, жәмийет ҳәм мәмлекет келешегине унамсыз тәсири, оның аўыр ақыбетлери, буннан тысқары, наркожынаятшылыққа қарсы гүресиўдиң ҳуқықый тийкарлары ҳәм миннетлемелери ҳаққында ҳәр тәреплеме түсиниклер берилди.

Соның менен бирге, АИЖС кеселлигиниң республикамыз жаслары арасында жылдан-жылға көбейип атырғаны оғада қәўетлерли жағдай екенлиги айтып өтилип, бул кеселликтиң алдын алыў ушын ҳәр бир адам жеке гигиена қағыйдаларына қатаң итибар қаратыў зәрүрлигине тоқталды.

Илаж даўамында студентлер өзлерин қызықтырған сораўларға тийисли тараў қәнигелеринен жуўаплар алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги