Қарақалпақ тили – халық мийрасы ҳәм миллий мақтанышымыз

65

Кегейли районында  1-декабрь – Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгениниң 36 жыллығы мүнәсибети менен байрам илажы шөлкемлестирилди.

Илажға район ҳәкимлиги, түрли тараў ҳәм шөлкемлердиң басшылары, нуранийлар, ҳаял-қызлар, жаслар ҳәм билимлендириў мәкемелериниң ўәкиллери қатнасты.

Илаждың ашылыўында район ҳәкими орынбасары Айдос Төремуратов  шығып сөйлеп, барлық қатнасыўшыларды қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгениниң 36 жыллық сәнеси  менен қызғын қутлықлады.

Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде тил ҳәр бир халықтың тарийхый мийрасы, мәденияты ҳәм әдебияты, мәмлекетлик сиясатында ең әҳмийетли хызмет атқаратуғынын, дүньяда бар мыңлаған тиллер арасында тек ғана бир неше жүзине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенин ҳәм қарақалпақ тили де усы тиллер қатарынан орын алғанын атап өтти.

Байрам илажы районлық көркем өнер хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги